ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағыңдағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизимин тастыйықлаў ҳаққында.

20.01.2023 18:32:50 372 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл                         6-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар  менен тәмийинлениў дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын асырыў ис-илажалары ҳаққында”ғы 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағыңдағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылда ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан  Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6, 21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл 6-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын асырыў ис-илажалары ҳаққында”ғы 500-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәқимлигиниң бас қәнигеси Б.Қадировтың Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районы мәкан, аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде аймақлардағы ишки жолларға  щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Кегейли районы сектор баслықлары (Д.Утемуратов, И.Абдуллаев, Н.Адилбеков, Қ.Қадиров) аймақлардағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлерде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумысларының өз ўақтында сыпатлы ҳәм толық орынланыўын ҳәм ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  5. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары аймақлардағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизими
  6. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары аймақлардағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлерде әмелге асырылып атырған жумыслардын барысына депутатлық қадағалаў орнатсын.
  7. Кегейли районы ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Н.Даўенова) ҳәм “Кегейли турмысы” газетасы редакциясына (Е.Мухамметов)  әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматларды район ҳәкимлигининг рәсмий веб-сайтында ҳәмде “Кегейли турмысы” газетасында кеӊ түрде жарытып барсынг.
  8. Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеӊесиниӊ Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Ж.Төрениязов) жуўапкершилигине жүклетилсин.
  9. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл  6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районы мәкан, аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде аймақлардағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизими
    Мәҳәлле ҳәм көше атамасы Көшениң улыўма узынлығы
    (км)
    Көшениң ени
    (м)
    Оңланыўы тийис топырақ бөлеги
    (км)
    Ажыратылған лимит
    (млн.сўм)
    Әмелге асырыў мүддети
      ЖАМИ 25,000   25,000 4010,000  
    1 “Мәденият” МПЖ 0,300   0,300 48,120  
      Наўрыз көшеси проезд 0,150 4,6 0,150 24,060 2023 жыл
      Жойбарластырылған көше (музика мектеби арқасы) 0,150 4,6 0,150 24,060 2023 жыл
    2 “Жылўан жап” МПЖ 1,820   1,820 291,928  
      Т.Сейтов көшеси 0,250 4,6 0,250 40,100 2023 жыл
      К.Бердимуратов көшеси 0,500 4,6 0,500 80,200 2023 жыл
      Жаслар көшеси 0,400 4,6 0,400 64,160 2023 жыл
      Таза талап көшеси 0,220 4,6 0,220 35,288 2023 жыл
      Абдизайтов көшеси 0,250 4,6 0,250 40,100 2023 жыл
      А.Отениязов (Н.Даўқараев) көшеси 0,200 4,6 0,200 32,080 2023 жыл
    3 “Куяшлы” МПЖ 3,050   3,050 489,220  
      Науайы көшеси 0,110 4,6 0,110 17,644 2023 жыл
      Куўаныш көшеси 1,100 4,6 1,100 176,440 2023 жыл
      Арал көшеси 0,520 4,6 0,520 83,408 2023 жыл
      Қаратал көшеси 0,540 4,6 0,540 86,616 2023 жыл
      Боз көл көшеси 0,400 4,6 0,400 64,160 2023 жыл
      Алпамыс көшеси 0,380 4,6 0,380 60,952 2023 жыл
    4 “Бахытлы” МПЖ 2,100   2,100 336,840  
      П.Юсупов көшеси (Камалат) 0,700 4,6 0,700 112,280 2023 жыл
      П.Юсупов көшеси (Бағманлар) 1,400 4,6 1,400 224,560 2023 жыл
    5 “Гужим терек” МПЖ 2,750   2,750 441,100  
      Ғәрезсизлик көшеси 1,250 4,6 1,250 200,500 2023 жыл
      Алтын дияр көшеси 1,500 4,6 1,500 240,600 2023 жыл
    6 “Актуба” АПЖ 3,800   3,800 609,520  
      Есебий 1,2,3,4,5 көшелери 1,500 4,6 1,500 240,600 2023 жыл
      Бағман аўыл көшеси 1,500 4,6 1,500 240,600 2023 жыл
      Таза посёлка (Тамғалы аўыл) 0,800 4,6 0,800 128,320 2023 жыл
    7 “Жанабазар” АПЖ 1,000   1,000 160,400  
      Қылқалы аўыл көшеси 1,000 4,6 1,000 160,400 2023 жыл
    8 “Абат” АПЖ 2,320   2,320 372,128  
      Өмир кенегес 1-көшеси (Ибрайым көше) 0,700 4,6 0,700 112,280 2023 жыл
      Өмир кенегес 2-көшеси (Еркин көше) 0,120 4,6 0,120 19,248 2023 жыл
      Таўык ферма (Хожа аўыл) 1,500 4,6 1,500 240,600 2023 жыл
    9 “Жузим бағ” АПЖ 2,500   2,500 401,000  
      Жети төле елатлы пункти 2,500 4,6 2,500 401,000 2023 жыл
    10 “Ийшан кала” ОФЙ 2,200   2,200 352,880  
      Жаман аўыл елатлы пункти 2,200 4,6 2,200 352,880 2023 жыл
    11 “Жалпақ жап” АПЖ 1,800   1,800 288,720  
      Айтеке қызыл саўле көшеси 1,500 4,6 1,500 240,600 2023 жыл
      Абат аўыл көшеси 0,300 4,6 0,300 48,120 2023 жыл
    12 “Кумшунгул” АПЖ 1,360   1,360 218,144  
      Шыбылый ата жолы 1,360 4,6 1,360 218,144 2023 жыл
20.01.2023 18:32:50 373