Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 23-24 феврал күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25 феврал күни откерилген 16-санлы мәжилис баянынына тийкар Кегейли районында 2022-2023 жылларда улыўма баҳасы
152,5 млрд. сўм болған 29 жойбар әмелге асырылыўы ҳәм
546 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
2022-жыл даўамында улыўма баҳасы 66,6 млрд.сўм муғдарындағы 16 жойбар иске түсирилиўи ҳәм 408 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген болып, 75,0 млрд. сўм болған 16 жойбар иске тусирилиўи нәтийжесинде 422 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
2023-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 85,9 млрд.сўм муғдарындағы 13 жойбар иске түсирилиўи ҳәм 138 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жылы 30-декабрдеги ПҚ-72-санлы қарары тийкарында 2022-2026 жылларда район аймағында баҳасы 237,7 млрд.сўмлық 2 жойбар әмелге асырылыўы, 225 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген болып, соннан 2022 жылда баҳасы 67,9 млрд.сўм болған 1 жойбар әмелге асырылып, 200 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Буннан тысқары, 2022 жыл 25 феврал күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянынына муўапық Әндижан ўәлаяты тәрепинен Кегейли районында 2022-2023 жылларда улыўма баҳасы 608 млрд. 876 млн.сўм болған 24 жойбар амелге асырылыўы ҳәм 1 985 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
Әндижан ўәлаяты тәрепинен 2022 жылы декабрь айында «Kegeyli Tex group» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен баҳасы 30 млрд. сўм болған таяр текстиль өнимлерин ислеп шыгарыў жойбары әмелге асырылып, нәтийжеде 500 жаңа жумыс орны жаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасының орынланыўы ҳаққында Кегейли районы инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы орынбасары Ю.Қойлыбаевтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Кегейли районында 2022 жылы декабрь айында ири инвестициялық жойбар “AQTUBA TEXTILE GROUF” кәрханасының иске түсирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, М.Ниязов, А.Аманбаев, П.Өтениязов, И.Абылбаев), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың
2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги 127-13-184-Q/22-санлы шешими менен тастыйықланған ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлерде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
ис-илажлар режесинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўы үстинен турақлы түрде мониторинг жүргизиў ҳам қадағалаў онатыў;
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, А.Аманбаев), Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң Кегейли районындағы штабы ҳәм тийисли жуўапкер тараў басшылары менен биргеликте:
Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Кегейли районында 2022-2023-жылларда әмелге асырылатуғын инвестиция жойбарларының мәнзилли дизиминде белгиленген жойбарлардың тармақ кестелеринде белгиленген мүддетлерде ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў;
жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде жойбар басламашыларын ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаў, қолайлы шарт-шараятлар жаратыў бойынша зүрүр илажларды белгилесин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында инвестиция жойбарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкими орынбасарларына жүкленсин.