Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Президиумының
2022-жыл 25-июльдағы 117-санлы мәжилис баянламасының 9-бәнтинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың анық шегараларын белгилеў, олардың көшелер ҳәмде елатлы пунктлердиң атамалары көрсетилген карталарын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ “Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 10-статьясы, “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамының 6,24-статьяларына тийкарланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Президиумының
2022-жыл 25-июльдағы 117-санлы мәжилис баянламасы орынлаў ушын басшылыққа алынсын. - Кегейли районы ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша комиссиясының ҳәмде пуқаралар жыйынларының район аймағындағы мәҳәллелер ҳәм аўыллардың анық шегараларын белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Кегейли районы аймағындағы мәҳәллелер ҳәм аўыллардың анық белгиленген шегараларының тәрийплемеси ҳәмде шегаралары тәрийпленген сызылмалары (карталары) 1-16-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкимлигиниң географиялық объектлерге атама бериў мәселелери бойынша комиссиясына хатлаў нәтийжесинде анықланған атамасыз (тар, берк) көшелерге атама қойыў мәселесин орынлардағы пуқаралар жыйынлары менен келискен ҳалда шешиў илажларын көриў ўазыйпасы тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.