ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Кегейли районында юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерине 2023-жыл ушын жер салығы ставкаларын белгилеў ҳаққында.

20.01.2023 18:28:30 197 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының                    2023 жыл 9-январьдағы “Қарақалпақстан Республикасында юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерине                   2023-жыл ушын жер салығы ставкаларын белгилеў ҳаққында”ғы 1062-санлы қарарына тийкарланып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И :

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023 жыл 9-январьдағы “Қарақалпақстан Республикасында юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерине 2023-жыл ушын жер салығы ставкаларын белгилеў ҳаққында”ғы 1062-санлы қарары ҳәмде Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2022-жыл                       9-декабрьдеги аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын жер салығы ставкаларының анық муғдарларын белгилеў бойынша 34/4103-санлы хаты орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының жоқарыда аты аталған қарары менен Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 2023 жыл ушын белгиленген жер салығы ставкаларына қала, район аймақларындағы массивлер, мәҳәллелер ҳәм көшелер кесиминде 0,7 ден 3,0 ке шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэфийиентлерди қолланыў бойынша шешим қабыл етиў тапсырылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин
  3. Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерге бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў бойынша районлық финанс бөлими ҳәм салық инспекциясының усынысы мақуллансын.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023 жыл 9-январьдағы 1062-санлы қарарына муўапық ҳәмде Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 1-қосымшаға муўапық, физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.метр ушын базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы  коэффициентлер 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5. Кегейли районлық салық инспекциясына (Қ.Қадиров) Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў ҳәм өндирилиўин тәмийинлеў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тапсырылсын.
  7. Кегейли районлық аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

     

    мың.сўмда

    МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем) 2023-жыл ушын жер салығы ставкасы (мың.сўмда)
    1 Абат мәкан МПЖ 0,75 14 880,0
    2 Абат АПЖ 0,7 13 888,0
    3 Ақтуба АПЖ 0,75 14 880,0
    4 Бахытлы МПЖ 0,75 14 880,0
    5 Гүжим терек МПЖ 0,75 14 880,0
    6 Жалпақ-жап АПЖ 0,7 13 888,0
    7 Жаңабазар АПЖ 0,7 13 888,0
    8 Жүзимбағ АПЖ 0,75 14 880,0
    9 Жылўан жап МПЖ 0,75 14 880,0
    10 Ишан қала АПЖ 0,75 14 880,0
    11 Көк өзек АПЖ 0,7 13 888,0
    12 Қумшунгил АПЖ 0,7 13 888,0
    13 Қуяшлы МПЖ 0,75 14 880,0
    14 Мәденият МПЖ 0,75 14 880,0
    15 Нурлы бостан МПЖ 0,75 14 880,0
    16 Алтын тала МПЖ 0,75 14 880,0

     

    Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен юридикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәмде көшелер кесиминде олардың экономикалық жақтан раўажланыўына қарап, 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына ийе.

  8.  

    Физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

     

    сўмда

    МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем) 2023-жыл ушын жер салығы ставкасы (сўмда)
    1 Абат мәкан МПЖ 0,95 144,0
    2 Абат АПЖ 0,7 106,11
    3 Ақтуба АПЖ 0,7 106,11
    4 Бахытлы МПЖ 0,95 144,0
    5 Гүжим терек МПЖ 0,95 144,0
    6 Жалпақ-жап АПЖ 0,7 106,11
    7 Жаңабазар АПЖ 0,7 106,11
    8 Жүзимбағ АПЖ 0,7 106,11
    9 Жылўан жап МПЖ 0,95 144,0
    10 Ишан қала АПЖ 0,7 106,11
    11 Көк өзек АПЖ 0,7 106,11
    12 Қумшунгил АПЖ 0,7 106,11
    13 Қуяшлы МПЖ 0,95 144,0
    14 Мәденият МПЖ 0,95 144,0
    15 Нурлы бостан МПЖ 0,95 144,0
    16 Алтын тала МПЖ 0,95 144,0

     

    Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен физикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары көшелер ҳәм массивлер кесиминде экономикалық жақтан раўажланыўына қарап 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына ийе.

     

20.01.2023 18:28:30 198