ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм секторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққында.

20.01.2023 18:27:41 155 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги                            “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында бир қатар қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленген.

Бағдарлама тийкарында районда 2022-2023-жылларда Кегейли районы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары аймақларында жәми 12 объектлерде жәми 6,92 млрд. сўмлық,  соныӊ ишинде ишки жолларды оӊлаў бойынша 7 объектлерде 2,45 млрд. сўмлық, ишимлик суў тәмийнаты бойынша 4 объектлерде 4,117 млрд. сўмлық ҳәм ишки көшелерге түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў бойынша 350,0 млн. сўмлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген болып, бүгинги күнге келип бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтканда:

“Нурлы бостан”  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  Нурлы гузар (бурыңғы “Улугбек, Пирназаров) көшелериниң 0,353 км аралықтағы жолларын киши оӊлаў жумыслары  “DANIYAR AVTO SERVIS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен толық 100 пайызға орынланған.

“Маденият” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Т.Қайыпбергенов (бурыңғы Ж.Қайыпбергенова), Бердақ шайыр (бурыңғы Бердақ), Ҳүрлиман (бурыңғы Е.Хожаев), Әмиў таңы (бурыңғы Е.Еримбетов) Беглер Беги ҳәм Жиен жыраў көшелерине түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары бойынша  “NOKIS KONSTRUKTSIYA QURILIS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен  44 дана орнатылып, 85 пайызға орынланған.

Деген менен, “TAXIATOSH YO’LLARDAN MUNTAZAM FOYDALANISH” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен “Абат макан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,677 км, “Қуяшлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 2,359 км, “Жалпақ жап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,128 км км болған ишки көше жолларын оңлаў жумиыслары тек 30-35 пайызға ғана орынланған, ал “Гүжим терек” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,108 км, “Халқабад” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 0,795 км, “Бахытлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,075 км болған ишки көше жолларын оңлаў жумыслары усы күнге шекем басланбаған.

Сондай-ақ, “JAVOHIR QURUVCHI TRESTI” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен “Қуяшлы”, “Гүжим терек”, “Халқабад” мәкан пуқаралар жыйынлары аймағынан ишимлик суў тармақларын реконструкция қылыў жумыслары әсте ақырынлық пенен алып барылып, бул бойынша жумыслар тек 30-35 пайызға ғана орынланған.

“Жузим бағ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Тентек арна” елатлы пунктине ишимлик суў тармақларын жаӊадан қурыў жумыслары QARAQALPAQSTROYMONTUPRAVLENIE” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 15 пайыз ғана орынланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында сектор басшыларының есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. “TAXIATOSH YO’LLARDAN MUNTAZAM FOYDALANISH” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен аймақларда ишки көше жолларын оңлаў, “JAVOHIR QURUVCHI TRESTI” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм  QARAQALPAQSTROYMONTUPRAVLENIE” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ишимлик суў тармақларын тартыў жумыслары әсте ақырынлық пенен алып барылып атырғанлығы атап өтилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлииг ҳәм сектор басшылары (Д.Утемуратов, И.Абдуллаев, Н. Адилбеков, Қ.Қадиров), тийисли тараўлар ҳәм қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте:

– Бағдарлама шеңберинде 2022-2023 жылларда Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ҳәм орын алып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша зүрүр илажлар белгилесин;

– мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының өз ўақтында ҳәм сыпатлы алып барылыўын қатаң қадағалаўға алсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары Бағдарлама шеңберинде мәнзилли дизимге муўапық объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаў орнатсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов), Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) ҳәмде “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы менен биргеликте бағдарламада белгиленген райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы сектор басшыларына ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

20.01.2023 18:27:41 156