ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы ҳәм 2022-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

20.01.2023 18:26:51 115 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына 2022-жыл 12 айы даўамында жәми 2238 мүрәжаат келип түскен, соннан 1085 мүрәжаат ийеси толық қанаатландырылған, 394 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 16 мүрәжат мәселеси тамамланған, 4 мүрәжат мәселеси көрместен қалдырылған, 696 мүрәжаат ийесине түсиник жумыслары алып барылған ҳәм 43 пуқараның мүрәжааты унамлы шешимин табыўы ушын қадағалаўға алынған. Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 48,5% пайызды қураған.

Соннан секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 427 мүрәжаттан 222 мүрәжат (51,9%), 2-сектор бойынша 584 мүрәжаттан 285 мүрәжат
(48,8%), 3-сектор бойынша  жәми 665 мүрәжаттан
291 мүрәжат (43,8%) ҳәм 4-сектор жбойынша жәми
562 мүрәжаттан 287 мүрәжат (51,1%) пайыз қанаатландырылған.

Мүрәжатлар менен ислесиў жумыслары район ҳәкимлиги,  прокуратура,  санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими, электр тармақлары кәрханасы, мектепке шекемги билимлендириў бөлими, салық инспекциясы, Агробанк Кегейли филиалы, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, халық бәнтлигине көмеклесиў орайы, Кегейлитумангаз бөлими ҳәмде мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайларында бир қанша жақсы жолға қойылған.

Деген менен, Кадастр агентлиги Кегейли районлық бөлими, мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлими, медицина бирлеспеси, Халық банки Кегейли филиалы, Бюджетдан тысқары пенсия жамғармасы районлық бөлими, “Қарақалпақ суў таъминат” жуўапкершилиги шекленген жәмийети Кегейли районы бөлими, районлық ишки ислер бөлими, Мәжбурий орынлаў бюросы Кегейли районы бөлими, районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм районлық телекоммуникация тармағында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларында бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта.

Бунан тысқары мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы  ПП-81-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине белгиленген тәртипте тийисли мағлыўматлар киритилмеген.

Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы ҳәм 2022-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы ҳәм 2022-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-81-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жетерли дәрежеде жумыс алып барылмай атырғанлығы ҳәмде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы көрсетип өтилсин.
  3.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Д.Ордашов):

– аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың  мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин;

– мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықларының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы ПП-81-санлы Пәрманының орынланыўы ҳәмде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында есабатлары Халық депутатлары районлық Кенесиниң сессияларында турақлы түрде еситилип барылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.
20.01.2023 18:26:51 116