ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүражатнамасында белгиленген баслы ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында.

20.01.2023 18:26:03 189 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022 жыл                                20-декабрьдеги Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүражатнамасында ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын жолға қойыў, социаллық жәрдем, билимилендириў сыпатын асырыў, экономиканы жаңа басқышқа көтериў, инвестицияларды алып келиў, инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин тәмийинлеўге қаратылған 6 тийкарғы баслы жөнелислер белгилеп берилди.

Президент Мүражатнамасында ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги ўазыйпалар менен бир қатарда экономика, билимлендириў, ден саўлықты сақлаў тараўларындағы мәселелер айқын баян қылынғанлығы, бул бағдарда әмелге асырылыўы лазым болған баслы ўазыйпалар белгилеп берилгенлиги атап өтилген.

Мўражатнамада көтерилген ҳәр бир мәселе жергиликли ўәкиллик органлары жумысы менен тығыз байланыслы болып, барлық тараўларда нызам үстемлигин ҳәм қабыл қылынып атырған ҳүжжетлердиң орынларда орынланыўын тәмийинлеў бойынша нәтийжели қадағалаў орнатыў районлық Кеңестиң тийкарғы ўазыйпаларынан саналады.

Бул бағдарда жергиликли Кеңес депутатлары өзлери сайланған округлердеги машқалалардың тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәмде жергиликли ҳәкимлик тәрепинен қай дәрежеде шешилип атырғанлығын турақлы түрде үйренип, тәсиршең қадағалаў жумысларын алып барыўы зәрүр.

Мүражатнамада белгиленген баслы жөнелислердеги белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 6,24 статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022 жыл 20-декабрьдеги Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүражатнамасында

көтерилген ҳәр бир мәселе жергиликли ўәкиллик органлары жумысы менен тығыз байланыслы болып, барлық тараўларда нызам үстемлигин ҳәм қабыл қылынып атырған ҳүжжетлердиң орынларда орынланыўын тәмийинлеў бойынша нәтийжели қадағалаў орнатыў, олардың толық орынланыўын мониторинг қылыў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң тийкарғы мақсети етип белгиленсин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов), ҳәким орынбасарлары (М.Ниязов, П.Өтениязов, А.Аманбаев, И.Абылбаев), пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары Мүражатнамада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр ис-илажлар белгилесин ҳәм ондағы белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына:

Мүражатнамада қойылған ўазыйпалардан келип шығып, өз жумысы даўамында тийкарғы итибарды мәҳәллелерге қаратыў ҳәм бул процесске депутатларды белсене тартыў, халық пенен ислесиў нәтийжесинде анықланған әҳмийетли мәселелердиң шешимин табыўға көмеклесиў;

инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў жөнелисинде тийисли тараўларды анализ қылған ҳалда коррупцияға қарсы гүресиўде белсендилик көрсетиў;

социаллық тараў, әсиресе мектеплердеги оқыў-тәрбия жумысларының барысына, олардың сабақлықлар менен тәмийинлениў дәрежесине айрықша итибар қаратыў;

ден саўлықты сақлаў мәкемелериниң жумысларын еледе күшейттириў, мәҳәлле институтын жәнеде раўажландырыў;

билимлендириў, ден саўлықты сақлаў тараўларының мақсетли индикаторларының орынланыўына ажыратылған қарежетлердиң өз ўақтында ҳәм мақсетли сарыпланыўын тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратыў;

орынларға шығып халықтың пикирлерин үйрениў, кемшиликлерди ҳәм машқалаларды шешиў бойынша  тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў;

бюджет есабынан қурылып атырған қурылыслардың ҳәмде “басламалы бюджет” есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың сыпатын орынларға шығып үйренип барыў;

өз ўәкилликлери ҳәм имканиятларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда мәкеме, қархана, шөлкемлердиң басшыларының есабатларын ҳәм мәлимлемелерин турақлы түрде  комиссия мәжилислеринде еситип барыў мәселесине түптен жаңаша жантасыў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы:

ҳуқық қорғаў органлары менен тығыз бирге ислесиўди жәнеде анық ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, ең әҳмийетлиси тиккелей аймақларда тараўлар кесиминде анализлер өткериў, орын алып атырған машқалалардың шешими бойынша усыныслар таярлаў ҳәм оларды әмелде енгизиўге тийкарғы итибарды қаратыў;

суд қарарларының орынланыўы аўҳалын турақлы түрде үйренип барыў ҳәм тийкарланған усынысларды ислеп шығыў зәрүрлиги ҳәмде бул мәселеге район прокурорының есабатын тыңлаў даўамындада  айрықша итибар қаратылыў лазымлығы белгилеп қойылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы:

тәбийғий ресурслар, соннан суў ҳәўизлери ҳәм жер асты резервлерди қорғаў, суў хожалығы системасын реформалаў, “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде жумысларды даўам еттириў;

аўыл хожалығы тараўында реформаларды даўам еттириў, аграр тараўда жоқары қосылған қун шынжырын жаратыў жойбарларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалап барыў, бул бағдарда анықланған машқалалардың шешими бойынша усыныс киритсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы:

еркин базар механизмлерин ен жайдырыў, саламат бәсеки ҳәм жеке мүлк қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў;

исбилерменлик тараўында жуўапкершиликти жеңиллестириў бойынша реформалардың орынланыўын тәмийинлеў;

экономикаға жергиликли ҳәм шет ел инвестицияларын көбейттириў;

меншиклестириў ҳәм мәмлекет-жеке меншик шериклик имканиятларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды системалы түрде анализ қылып барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы:

энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, энергия нәтийжелилигин асырыў Миллий бағдарламада белгиленетуғын ўазыйпалардың әмелге асырылыўы;

киши көлемдеги қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды асырыў бойынша қөрилип атырған ис-илажлардың нәтийжелилигин үйренип барыўды шөлкемлестирсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы:

тийисли шөлкемлер менен биргеликте жасларымызды әскерий, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ана журтқа деген меҳир муҳаббаты ҳәм садықлығын асырыў;

перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бойынша шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде әмелий жумыслардың алып барылыўын қадағалап барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары:

өзлери бириктирилген аймақларда Мүражатнамада белгиленген баслы жөнелислердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин халыққа жеткериў;

жуўапкер мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшыларын тартқан ҳалда мәҳәлелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша белгиленген жойбарлардың орынланыў барысы бойынша үйрениўлерди шөлкемлестириў;

бул бағдарда анықланған кемшиликлер, жүзеге келип атырған машқалаларды тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте өз ўақтында ҳәм сапалы шешиў илажларын көрсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.
20.01.2023 18:26:03 190