ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ : Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жылда районды социал-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәмде 2023-жылға белгиленген ўазыйпалар ҳәм режелер туўралы есабаты ҳаққында.

30.12.2022 18:19:28 126 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы Конституциясының 103-статьясы, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы  Нызамының
24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкими Утемуратов Даўлетбай Минажевичтиң 2022-жылда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмақлары ҳәмде 2023-жылға белгиленген режелер ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, М.Ниязов, П.Өтениязов, И.Абылбаев, А.Аманбаев, Г.Хожамбергенова) тийисли тараў басшылары менен биргеликте 10 күнлик мүддет ишинде район ҳәкиминиң есабатынан келип шығатуғын 2023-жыл ушын белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша “Жол карта” сын ислеп шықсын.
  3. Район ҳәкиминиң орынбасарлары, сектор басшылары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:

– социаллық-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери ҳәм халықтың жан басына салыстырғанда өсими, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў бойынша белгиленген режелердиң толық орынланыўын тәмийинлеў;

– жаңа жумыс орынларын жаратыў, «Темир дәптер» “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не есапқа алынған пуқаралардың мийнетке жарамлы ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў;

-киши ҳәм орта бизнес ушын зәрүр шараятлар жаратыў, ислеп шығарыў инфрадүзилмесиниң турақлылығын тәмийинлеў;

– исбилерменлик орталығы сыпатын жақсылаў, исбилерменликти турақлы түрде қоллап-қуўатлаў ҳәм жедел раўажландырыў;

– аймақтың финанслық ғәрезсизлигине ерисиў ҳәмде банк-финанс тараўы хызметлерин жақсылаў;

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў нәтийжелилиги ҳәм мағлыўматлардың ашықлығын тәмийинлеў;

– район аймағындағы бос турған, пайдаланылмай атырған объектлер ҳәм жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў;

– келеси 2023-жылда Кегейли районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт көрсеткишлериниң белгиленген прогноз көрсеткишлериниң артығы менен сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў;

– ҳаял-қызлардың, жаслардың машқалаларын системалы түрде шешип барыў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, имтиязлы кредит есабынан исбилерменлик жумысын енди баслап атырған ҳаял-қызларға ҳәм жасларға олардың исбилерменлик жумысларын раўажландырыў ушын турақлы түрде қоллап-қуўатлаў жумысларын алып барыў;

-ҳәр айда секторлардың исши топар ағзалары тийисли тараўлар менен биргеликте, жумыссыз пуқаралардың машқалаларын шешиў бойынша анық илажлар көриў, жаңадан бизнес баслаўшы пуқараларды қоллап-қуўатлаў, кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў;

– орынларға шығып, исбилерменлик жумысларын баслаўға тосқынлық қылып атырған машқалаларды шешиў, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға көмеклесиў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық салық инспекциясы (Қ.Қадиров), районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов):

– жыллық белгиленген дараматлар режесин ҳәр бир салық түри бойынша жыллық режени артығы менен орынлаў илажларын көриў, турақлы қадағалаўға алыў;

– нызамсыз жүк транспорт хызметин көрсетиў менен шуғылланып атырған шахсларды анықлаў бойынша рейдлер шөлкемлестириў арқалы оларды жеке исбилермен сыпатында дизимнен өткериўди тәмийинлеў;

– аймақлық социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына муўапық инвестиция жойбарларын әмелге асырыў есабынан түсимлерди асырып барыў тапсырылсын.

  1. Районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (А. Жумабаев) тийисли тараўлар менен биргеликте:

– 2023-жылда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм бағдарламада белгиленген параметрлердиң орынланыўын тәмийинлеў илажларын көриў;

– районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жаратылған ҳәр бир жаңа жумыс орынларына жумыссыз пуқараларды, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды жайластырып барыў тапсырылсын.

  1. Район ҳәкиминиң орынбасары-инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы (А. Аманбаев), районлық экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ. Алланазаров), саўда санаат палатасының районлық бөлими (П.Адильчаев), коммерциялық банк бөлимлери (С. Қалханов, М.Қулмуратов), тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

-районға шет ел инвестицияларын киргизиў жумысларын шет ел фирмалары ҳәм кәрханалар менен биргеликте еле де кеңейтириў, инвесторларды киргизиў бойынша жойбарларды ислеп шығыўда жергиликли шийки зат базасы имканиятларынан келип шығып, таяр өнимлер ислеп шығарыўшы кәрханалар жумысларын қоллап-қуўатлаў, жумыс алып барып атырған қоспа кәрханалардың турақлы ислеўине көмеклесип барыў;

-исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, әсиресе аймақты раўажландырыў бағдарламаларында белгиленген жойбарларға имтиязлы кредитлер ажыратыў тапсырылсын.

  1. Район ҳәкиминиң биринши орынбасары орынбасары М.Ниязов, финанс бөлими (Д.Ибрагимов), медицина бирлеспеси (М. Досбергенов), халық билимлендириў бөлими (Қ. Бекимбетов), мектепке шекемги билимлендириў бөлими (Г. Ерниязова) менен биргеликте:

– халық ушын қолай болған, сыпатлы ҳәм заманагөй медициналық хызмет көрсетиў, кеселликлердиң алдын алыў бойынша патронаж системасын сыпатлы алып барыў;

– шаңарақлық поликлиникаларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў, заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў;

– мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин көбейтиў жумысларын алып барыў, бул бойынша шөлкемлестириўди қәлеўшилерди анықлаў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, инвестиция бағдарламасына киргизилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин сыпатлы ҳәм өз ўақтында ремонтлаў жумысларын тәмийинлеў;

– 2022/2023-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплеринде ең тийкарғы итибарды билимлендириў ҳәм тәрбия сыпатын жақсылаў, оқыўшыларды кәсипке таярлаў жумысларын алып барыў тапсырылсын.

  1. Район ҳәкимлиги (Б.Қадиров), тийисли тараўлар менен биргеликте:

– жаңа тәртипке муўапық турақ жай қурылысы жумысларын өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм турақ жай қурылысы бағдарламасын өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынланыўы бойынша қатаң қадағалаў орнатыў;

– районлық абаданластырыў басқармасы менен биргеликте 2022-жыл жол қурылысы бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша анық илажлар көрип барыў тапсырылсын.

  1. Секторлар басшылары, районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков), мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими А.Сейтимбетов), районлық медицина бирлеспеси (М. Досбергенов) ҳәм сектор басшыларына:

– район аймағында жасаўшы профилактикалық есапта турған, судланған, спиртли ишимликке бейим натыныш шаңарақлар менен турақлы түрде профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерип барыў, олардың турмыс шараятларын үйренип барыў, шешими табылмай атырған машқалаларды тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешип барыў илажларын көрип барыў;

– профилактикалық есапта турған, әсиресе, алдын судланған, ҳәкимшилик қадағалаўға алынған, пробация есабында турған шахслардың тәрепинен қайта жынаятлар жүз берилиўиниң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде олардың турмыс шараятлары, олардың дарамат дереклерин үйрениў ҳәм анықланған машқалаларды сапластырыўға көмеклесиў жумысларын турақлы қадағалаўға алыў;

– өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәҳәлле белсендилери менен биргеликте натыныш шаңарақларды анықлаў, олар менен өз алдына профилактикалық жумысларды шөлкемлестириў,  олардың машқалаларын үйрениў ҳәм сектор басшыларына машқалаларды шешиў бойынша усыныслар берип барыў, машқалаларды шешиў, буның нәтийжесинде шаңарақта жүз берилиўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў илажларын көриў;

-ҳаял-қызлар тәрепинен жүз берилип атырған жынаятлар, ҳуқықбузарлық ҳәм өз жанына қас етиў жағдайларын шуқыр үйренип барыў ҳәм мәнзилли ис-илажларды әмелге асырыў;

– жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жүз берген, профилактикалық есапта турған ҳаял-қызларға мәҳәллелердеги жасы үлкен белсендилерди бириктириў илажларын көриў;

– шаңарақ, турмыста жүз берилиўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў мақсетинде олардың машқалаларын турақлы түрде үйренип барыў ҳәм машқалаларды шешиў бойынша анық ис-илажлар белгилесин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына:

– аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл қылынған Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Президент пәрманлары, қарарлары, бийликлери ҳәмде Ҳүкиметлик қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў илажларын көриў;

– аймақты комплекс раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы барысын орынларда үйренген ҳалда орынланыўы менен байланыслы мәселелерди тийисли турақлы комиссиялар мәжилислеринде турақлы түрде талқылап барыў;

– депутатлық қадағалаў шеңберинде ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жуўапкер етип белгиленген мекеме, кәрханалар ҳәм олардың жуўапкер шахсларынан орынланыўы бойынша мағлыўматлар алып, талқылаўлар тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессиялары күн тәртибине жуўапкерлердиң мәлимлемелерин тыңлаў менен байланыслы усыныслар киргизип барыў;

– ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда аймақлардың комплекс раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында турақлы түрде жәриялап барыўды шөлкемлестириў, бунда ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде орын алып атырған кемшиликлер, ҳәм олардың себеплерин келтириўге айрықша итибар қаратыў усынылсын.

  1. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е. Қутлымуратов) менен биргеликте районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар барысын турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында кең жарытып барыў усыныс етилсин.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў район ҳәкими орынбасарлары ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

 

30.12.2022 18:19:28 127