Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2022-жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2022-жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы ҳаққында район прокуроры И.Абдуллаевтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаевқа:
– район аймағында нызамлылықты тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оған қарсы гүресиўди шөлкемлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға байланыслы Президент пәрманлары, ҳүкимет қарарларының орынланыўы бойынша қадағалаў илажларын турақлы түрде алып барыў;
– пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўының алдын алыў;
– инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша прокурор қадағалаўы нәтийжелилиги ҳәм сыпатын арттырыў бойынша тийисли илажлар көриў;
– социаллық тараўда кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, ден-саўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўында нызам ҳүжжетлери талапларының орынланыўы үстинен прокурор қадағалаўын күшейттириўге айрықша итибар қаратыў ўазыйпалары жүкленсин.
- Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков), Балалар мәселелери бойынша секторы (К. Абдиразақова), районлық мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов), Өзбекстан Жаслар агентлиги районлық бөлими (А. Төремуратов) районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы
(А. Жумабаев), районлық халық билимлендириў бөлими (Қ. Бекимбетов):
– орынларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, бунда әсиресе шаңарақ ҳәм турмыста жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыў, олардың өсимине жол қоймаўға қаратылған профилактикалық илажларды талап дәрежесинде алып барыў;
– халықтың жасаў орынларында, мийнет жәмәәтлеринде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм мәдениятын асырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық, жынаятшылық, өз жанына қаст етиў сыяқлы жағдайлардың алдын алыў менен байланыслы илажларды турақлы түрде алып барыў тапсырылсын.
- Райондағы мәмлекетлик басқарыў, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлары басшылары коррупцияның алдын алыў ҳәм бундай унамсыз жағдайларға жол қоймаўдың барлық шараларын көрип барсын.
- Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органлары басшыларына пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың муражатлары менен ислесиўде “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызам талапларының бузылыўына жол қойылмасын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.