ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ : Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында.

30.12.2022 18:15:09 175 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарарына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
    30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарары менен Кегейли районының 2023 жылғы жергиликли бюджетиниң дәраматлар ҳәм қәрежетлер прогноз көрсеткишлериниң белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

– Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 3-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары 4-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Район ҳәкимлиги тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:

– 2023-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин излеп табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;

– экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй                          жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;

– макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық системаны жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;

– аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;

– келеси жылы бюджеттиң тийкарғы параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақетинде бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў иләжларын әмелге асырыў тапсырылсын.

  1. Районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов) ҳәм районлық салық инспекциясы (Қ.Қадиров) :

– жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;

– жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардың районның экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.

  1. Халық депутатлары районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысы ҳәр шеректе сессияларда терең талқыланып барылсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жыл
    21-январьдағы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жылғы
    параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-43-80-13-184-К/21-санлы
    шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы шешими 2022-жыл 31-декабрден өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойыншатурақлы комиссиясына тапсырылсын.
  4. Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
  5. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  6. Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери
         млн.сўмда
      Дәрамат түрлери Жәми
    I ЖӘМИ 23 726.2
    1 Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы 0.0
    2 Айланбадан алынатуғын салық 700,0
    3 Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 390.0
    4 Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық 0,0
    5 Қосымша қун салығы 0,0
    6 Акциз салығы, жәми 0
       – бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан салық 12 000,2
    7 Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық 623.0
    8 Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық 1 350.0
    9 Юридикалық түреплер жер салығы 1 928,0
    10 Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы 5 150.0
    11 Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық     (руда емес материаллары) 400.0
    12 Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық 1 185.0
    13 Бөлистирилетугын дәрамат 0.0
    II Өткерип берилетуғын қаржылар 0.0
    III Тарнсфертлер 85 721.2
      ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР 109 447.5

     

  7. Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары жойбары
      мың.сўм
    т/н Көрсеткишлер Суммасы
      Жәми қәрежетлер 109 447 550,0
    1 Районлық Халық билимлендириў бөлими 12 220 703,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 12 220 703,0
    2 Районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими 5 186 003,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 5 186 003,0
    3 Районлық Ден саўлықты сақлаў тараўы мәкемелери 13 728 717,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 13 728 717,0
    4 Районлық мәданият тараўы мәкемелери 1 202 000,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 1 202 000,0
    5 Районлық спорт тараўы мәкемелери 2 364 000,0
    Соннан
    сақлаў қәрежетлери 2 364 000,0
    6 Районлық Фермер хожалықлары бухгалтериясы орайы 639 035,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 639 035,0
    7 Районлық Абаданластырыў басқармасы 16 340 163,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 13 340 163,0
    ишки жоллар  

    3 000 000,0

    8 Районлық суў хожалығы мәкемелери 2 117 267,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 2 117 267,0
    9 Районлық Ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими 1 357 181,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 1 357 181,0
    10 Көп балалы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға напақалар ҳәм компенсациялар. 33 698 644,0
    11 Жергиликли бюджетлерде ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында мәҳалле инфраструктурасын жақсылаў ушын 578 705,0
    12 Сақлаўлы қор қәрежетлери 1 032 524,0
    13 Пуқаралардың пикири тийкарында қәлиплескен иләжларға жөнелтириў 5 162 620,0
     14 Социаллық көнликпе орайлары. 54 192,0
    15 Районлық басқарыў уйымлары 10 255 536,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 10 255 536,0
    16 Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары қәрежетлери. 3 510 259,0
    соннан
    сақлаў қәрежетлери 3 510 259,0
     

    2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары

      млн.сўм
    Қала ҳәм район аты Дәраматлар Қәрежетлер
    1 Кегейли районы 23 726,2 109 447,5
    Жәми 23 726,2 109 447,5

     

     

     

    2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары
      млн. сўм
    Район аты Тәртипке салыўшы трансфертлер
    1 Кегейли районы 85 721,2

     

     

     

     

    2023жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
        млн. сўмда
    Т/р Аймақлар атамасы Сақлаўлы қорлары муғдары
    1 Кегейли районы 1 033,0

     

     

30.12.2022 18:15:09 176