Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясы баслығының район аймағында қоршаған орталықты қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясы баслығы К.Сейтниязовтың район аймағында қоршаған орталықты қорғаў бойынша 2022-жыл даўамында алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша инспекциясына (К.Сейтниязов) пуқаралар жыйынлары ҳәмде басқада тийисли шөлкемлер менен биргеликте:
– әтирап-орталықты қорғаў, оның тәбийғый байлықларын үнемлеп пайдаланыў бойынша мәмлекетлик қадағалаў жумысларын жеделлестириў;
-экология ҳәм әтирап-орталықты қорғаў жумысларын муўапықластырыў, тәбиятты қорғаў бойынша айқын ис-илажлар белгилеў ҳәм оның орынланыўын тийисли тараўлар менен биргеликте әмелге асырыў;
-аймақларда пайда болған күнделикли шығындыларды өз ўақтында алып шығып кетилиўинде “Таза худуд” МУК жумысларын турақлы қадағалаўға алыў;
– шығындыларды жыйнаў пунктлерине өз ўақтында алып шығыў, рухсат етилмеген орынларда шығындылардың пайда болыўына жол қоймаў, шығынды полигонларында жыйналып қалған шығындыларды утилизация қылыў, қайта ислеў ҳәм көмип таслаў бойынша жумысларды белгиленген тәртипте қатаң қадағалаўға алыў;
-әтирап-орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша Нызамда белгиленген тәртипте кескин шаралар көрип барыў;
– 2023-жыл бәҳәр мәўсиминде терек ҳәм мийўе нәллерин егиў жумысларын әмелге асырыўға таярлықлар көриў ҳәм бул бойынша жер майданларының туўры таңланыўын қадағалаў;
– район аймағындағы фермер ҳәм дийхан хожалықларының егислик жерлеринде, жайлаў ҳәм басқа да жер участкаларында, атыз шеллери, жап-салмалар, коллектор-дренаж тармақлары жағаларында боян тамыры өнимин таярлаўда тәртипсиз жыйнап алыў салдарынан жарамсыз жағдайларға алып келиў фактлериниң алдын алыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (П.Өтениязов) район аймағында боян тамырын таярлаў менен шуғылланыўшы кәрханалардың белгиленген тәртипте боян ɵсимлиги плантацияларын шɵлкемлестириў жумыслары бойынша қадағалаў жүргизиў тапсырылсын.
- Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларына:
– усы шешимде белгиленген ўазыйпалардың орынларда әмелге асырылыў барысы үстинен депутатлық қадағалаў жумысларын жүргизиў;
– өз сайлаў округлеринде халықтың экологиялық мәдениятын асырыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў усыныс етилсин.
- “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) район аймағында әтирап орталықты қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы жарытып барыўды тәмийинлесин.
6.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б.Қазақбаев) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Абылбаевқа жүклетилсин.