ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ :Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

30.12.2022 18:10:00 105 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2022-жыл 31-марттағы “Ҳаял қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын еле де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 145-санлы қарарының орынланыўы бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылған жумысларының барысы  ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бас қанигеси Г.Қайпанованың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы сектор басшылары ҳәмде Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының «Ҳаяллар дәптери» менен ислесиў системасының үшинши басқышында дизимге алынған ҳаял-қызларды «Ҳаяллар дәптери» дизиминен шығарыў бойынша усынысы 1-қосымшаға муўапык мақуллансын.
  3. Кегейли районы сектор басшылары, районлық мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими (А.Сейтимбетов), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова) пуқаралар жыйынлары менен биргеликте “Ҳаяллар дәптери” дизиминен шығарыў бойынша усыныс етилип атырған ҳаял-қызлардың социаллық жағдайларын турақлы түрде қадағалаўға алсын ҳәмде пайда болған машқаларын өз ўақтында шешиў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергеноваға жүкленсин.
30.12.2022 18:10:00 106