Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлиминиң 2022-жыл екинши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығы И.Хожаниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәжбүрий орынланыў бюросы Кегейли районы бөлимине (И.Хожаниязов):
– Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар белгилеў;
– суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да органлар ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин асырыў, белгиленген айлық ҳәм шереклик өндириў режелериниң орынланыўын тәмийинлеў;
-қарыздарлықларды өндириўди мүлклерге қаратыў менен байланыслы болған орынлаў ҳүжжетлери бойынша мүлклерди өз ўақтында хатлаў, саўдаға шығарыў ҳәм келип түскен пул қаржыларын тийисли тәртипте бөлистириў илажларын көриў;
– коммерциялық банклер менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери, соның ишинде мәмлекетлик бажы пуллары, салық ҳәм басқа да тийисли қарыздарлықлардың төлениў тәртиплериниң сақланыўын қадағалап барыў;
– алимент төлемлери қарыздарлықларын өндириў нәтийжелилигин асырыў бойынша системалы ис-илажлар белгилеў ҳәм белгиленген тәртипте “Алимент төлемлери” мәмлекетлик мақсетли жамғармасы есабынан пайдаланыў;
– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери процесси ўақтында даўлы жағдайларды келтирип шығаратуғын себеплерди анықлаў ҳәм халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, пуқаралар жыйынлары ўәкиллери менен биргеликте оларды сапластырыў иләжларын көриў тапсырылсын.
- Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларына:
-өз сайлаў округлеринде халық пенен өткерилетуғын ушырасыўлар барысында халық тәрепинен Мәжбүрий бюро жумысларына байланыслы саўаллар ҳәм машқалалаы мәселелерди үйренип унамлы шешимлерин табыў илажларын көриў;
– халықтың ҳуқықый билимлерин асырыў мақсетинде мәҳәллелер, мийнет жәмәәтлеринде шөлкемлестирилген ушырасыў илажларында Мәжбүрий бюро менен келисилген ҳалда биргеликте үгит-нәсият жумысларын алып барыў тапсырылсын.
- Мәжбүрий бюро тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ҳәр ярым жылда Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясында есабат берип барыў көрсетип өтилсин.
- 5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.