Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында
2022-жыл 1-март күни өткерилген “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын жәнеде беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы Баяннамасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы ҳәкимлиги бас қанигеси Г.Шарибаеваның Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселе бойынша есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы медицина бирлеспеси тәрепинен район көлеминде ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы районлық медицина бирлеспеси баслығы М.Досбергеновтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын кабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (Г.Хожамбергенова), медицина бирлеспеси (М.Досбергенов):
– бирлемши медицина системасында халыққа әсиресе ҳаял-қызларға көрсетилетуғын медицина хызметлерин түптен жақсылаў, мүтәж ҳаял-қызлардың поликлиникалардағы күндизги емлеўханалар хызмети арқалы шаңарақларынан ажыралмаған ҳалда сыпатлы емлениў имканиятларын жаратыў;
– ҳаял-қызларға көшпели медициналық көриклер өткериўди системалы жолға қойыў, әсиресе бул арқалы кем тәмийинленген шаңарақлар ағзалары ҳәм жәрдемге мүтәж узақ жерлерде жасап атырған шараяты төмен пуқараларға айрықша итибар қаратыў;
-аналар ҳәм балалар кеселлениўлериниң алдын алыў, олардың саламатлығын қорғаў, потранаж хызметлери сыпатларын асырыў;
– мүрәжат етип атырған пуқараларға әсиресе ҳаял-қызлар ушын медициналық хызмет көрсетиўди тез ҳәм сыпатлы алып барылыўын тәмийинлеў;
– халықтың медициналық мәдениятын асырыў мақсетинде орынларда турақлы түрде репродуктив саламатлық, кеселликлер профилактикасы, некеден алдыңғы медициналық көриктиң әҳмийети бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын жәнеде күшейттириў бойынша айқын илажлар белгилесин.
- Сектор баслықлары (Д.Утемуратов, И.Абдуллаев, Н.Адилбеков, Қ.Қадиров), ҳаял-қызларға сыпатлы медицина хызметин көрсетиў, жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды турақлы дарамат дереги менен тәмийинлеў мақсетинде тийисли тараўлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар барысын турақлы қадағалаўға алсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тийисли тараўлар тәрепинен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар барысын турақлы түрде үйренип барсын ҳәмде пайда машқалалар ҳәм усыныслар бойынша гезектеги сессия мәжилислерине усыныслар киргизип барыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.