ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРИ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ : Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлиминиң 2022-жыл екинши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

30.12.2022 18:03:57 263 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлиминиң 2022-жыл екинши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы                    “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығы И.Хожаниязовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2.        Мәжбүрий орынланыў бюросы Кегейли районы бөлимине (И.Хожаниязов):

– Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы                     “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша ис-иләжлар белгилеў;

– суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да органлар ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин асырыў, белгиленген айлық ҳәм шереклик өндириў режелериниң орынланыўын тәмийинлеў;

-қарыздарлықларды өндириўди мүлклерге қаратыў менен байланыслы болған орынлаў ҳүжжетлери бойынша мүлклерди өз ўақтында хатлаў, саўдаға шығарыў ҳәм келип түскен пул қаржыларын тийисли тәртипте бөлистириў илажларын көриў;

– коммерциялық банклер менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери, соның ишинде мәмлекетлик бажы пуллары, салық ҳәм басқа да тийисли қарыздарлықлардың төлениў тәртиплериниң сақланыўын қадағалап барыў;

– алимент төлемлери қарыздарлықларын өндириў нәтийжелилигин асырыў бойынша системалы ис-илажлар белгилеў ҳәм белгиленген тәртипте “Алимент төлемлери” мәмлекетлик мақсетли жамғармасы есабынан пайдаланыў;

– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери процесси ўақтында даўлы  жағдайларды келтирип шығаратуғын себеплерди анықлаў ҳәм халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, пуқаралар жыйынлары ўәкиллери менен биргеликте оларды сапластырыў иләжларын көриў тапсырылсын.

  1.     Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларына:

-өз сайлаў округлеринде халық пенен өткерилетуғын ушырасыўлар барысында халық тәрепинен Мәжбүрий бюро жумысларына байланыслы саўаллар ҳәм машқалалаы мәселелерди үйренип унамлы шешимлерин табыў илажларын көриў;

– халықтың ҳуқықый билимлерин асырыў мақсетинде мәҳәллелер, мийнет жәмәәтлеринде шөлкемлестирилген ушырасыў илажларында Мәжбүрий бюро менен келисилген ҳалда биргеликте үгит-нәсият жумысларын алып барыў тапсырылсын.

  1.   Мәжбүрий бюро тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ҳәр ярым жылда Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясында есабат берип барыў көрсетип өтилсин.
  2. 5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына  жүкленсин.
30.12.2022 18:03:57 264