Бүгин район прокуроры И.Абдуллаев 2-сектор аймағында жасаўшы пуқара Р.Қурбанбаева мүрәжатына тийкар оның шаңарағында болып, 5 жаслы қызы Қ.Абатованың Ташкент қаласына барып емленип кайтыўы ушын, сектор баслығының усынысы менен 25 млн сўм муғдарында материаллық қаржы ажыратылып атырғанлығын түсиндирди ҳәм мүрәжаты унамлы шешилген шаңарақ ийелери елимиз басшыларына миннетларшылықларын билдирди.
Сондай-ақ, ҳәр күни тест режиминде жумыс алып барып атырған район ҳәкимлигиниң мүрәжат топарына Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйынынан келип түскен ишимлик суўы мәселесиндеги пуқара мүрәжаты да прокурор қадағалаўына алынып, тийисли тараў басшылары менен машқала орнына барып үйренилди ҳәм машқаланы сапластырыў илажлары алып барылып, мүрәжат унамлы шешилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial