Жаңа инвентарлар- жаңа қолайлықларға тийкар болады

19.01.2023 09:51:38 284 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы прокуратурасы басламасы тийкарында Кегейли районы ХББ бɵлими менен биргеликте район аймағында үй шәраятында тәлим-тәрбия алып атырған оқыўшылардың шаңарақларынан хабар алынды. Олардың ата-аналары, устазлары менен сәўбетлесиўлер ɵткерилип, шараятлары үйренилди. Әсиресе, бул оқыўшылардың тыянақлы билим алыўы ушын оғада зәрүрли болған жаңа заманагɵй оқыў инвентарлары, әдебий китаплар ҳәм оқыў қураллары тапсырылды. Әмелий илажлар алдағы ўақытларда да шɵлкемлескенлик пенен даўам еттириледи. Ең баслысы болса, үй шараятында билим алатуғын оқыўшылардың имканиятлары турақлы итибарға алынбақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

19.01.2023 09:51:38 285