Район ҳәкими тәрепинен және бир шаңарақтың жасаў шәраяты үйренилди

18.01.2023 09:49:13 199 Баспаға шығарыў

Кегейли районында турмыс шараяты аўыр, дәрамат дерегине ийе болмаған пуқаралардың хожалық жағдайларын үйренип, биринши гезекте оларға меҳир қолын созыў илажлары басқышпа-басқыш даўам еттирилмекте. Бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов сектор басшылары менен биргеликте Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара А.Алиевтиң шаңарақ жағдайларын үйренди.

Шаңарақта ерли-зайыплылар жумыссыз болғанлығы себепли турақлы дәрамат дерегине ийе болмаған бул хожалықтың турақ жайы қайта оңлаўға мүтәж. Төбеси шиферланбағанлықтан жаўын өтиў итималы бар болған турақ жайдың төбесин шиферлаў жумысларын қайырқомлық илажы шеңберинде бәҳәр айларында әмелге асырылыўы район ҳәкими тәрепинен атап өтилип, шаңарақ ушын зәрүрли болған азық-аўқат өнимлери тапсырылып, көмир жанылғысы жеткерип берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

18.01.2023 09:49:13 200