Инсанға берилген сынаўлы өмирде ҳәр кимниң тәғдири өзгеше. Кеўли ашық, ҳәр бир өткен күнине шүкиршилик сезимлери менен жасап атырған арамыздағы социаллық жәрдемге мүтәж инсанлардың тилек-өтинишлери болса бизиң дыққат орайымызда. Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов сектор басшылары ҳәм тийисли тараўлар менен биргеликте Жүзимбағ АПЖ ҳәм Бахытлы МПЖ аймағында жасаўшы реабилитация буйымларына мүтәжлиги бар болған пуқаралардың шаңарақларынан хабар алып, оларға зәрүрли болған еситиў аппараты ҳәм заманагөй электрон арбашаларды тапсырды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial