Бүгин, Кегейли районында район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында район сектор басшылары, диний тараў ўәкиллери ҳәм жасы үлкен нураныйларымыздың қатнасыўында райондағы Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши “Кегейли” каналы бойында қурбанлық етиў илажы өткерилди.
Илажда үрп-әдетлеримиз, мусылманшылығымызға тийкар жақсы нийетлер менен қурбанлық етилип, қураны-кәрим сүрелери оқылды ҳәм елимиздиң тынышлық, халқымыздың аманлығы, аўызбиршилиги ҳәм дәрьямыздың сүўының молшылығы ушын жақсы тилеклер билдирилип, пәтияға қол жайылды.
Қурбанлықтың гөш өнимлери кем тәмийинленген шаңарақларға тарқатылды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial