Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат Дауытбай Қурбаниязов Кегейли районында болып, аўыр турмыс шараятында жасап атырған, дәрамат дерегине ийе болмаған ҳам кɵп балалы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайларынан хабар алып, олар ушын күнделикли зәрүр болған азық-аўқат ɵнимлери, жыллы кийим-кеншеклер ҳәм хожалық буйымларын тарқатты.
Депутаттың искерлиги менен бүгин райондағы 10 шаңараққа меҳир үлесилди. Ал, район бойлап ҳәр күни қайыр-сақаўатлы инсанлар тәрепинен неше жүзлеген шаңарақларға меҳир ҳәрекети кирип барылмақта. Солай екен, ҳеш бир инсан меҳир ҳәм итибардан шетте емес.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial