Реже бойынша жеке қабыллаў ɵткерилди

18.01.2023 09:39:47 322 Баспаға шығарыў

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасында тастыйықланған режеге муўапық, бүгин, район ҳәкими, 1-сектор баслығы Д.Утемуратовтың пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша жеке қабыллаўы ɵткерилди.

Қабыллаў даўамында 15 тен артық пуқаралар ɵзлериниң түрли турмыслық машқалаларға байланыслы мүрәжатлары менен катнасты. Асиресе, медициналық ҳәм материаллық жәрдем менен байланыслы болған мүрәжатлар ишки имканиятлардан келип шығып сол орынның ɵзинде унамлы шешилди. Бәнтлик, үй-жай ҳәм басқа да тараўларға тийисли мәселелер жуўапкер басшылар менен биргеликте сол орынның ɵзинде үйренилип шығылды ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

18.01.2023 09:39:47 323