ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ АЛПЫС БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

18.01.2023 14:38:59 357 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, тийисли тараў басшылары, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүражатнамасында белгиленген баслы ўазыйпаларды  әмелге асырыў илажлары ҳаққында.

 Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы ҳәм 2022-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

 Кегейли районы ҳәкимлиги  ҳәм сектор басшылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққында.

–  Кегейли районында юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерине 2023-жыл ушын жер салығы ставкаларын белгилеў ҳаққында.

– Кегейли районы аймағындағы мәҳәллелер ҳәм аўыллардың                 шегараларын белгилеў ҳаққында.

–  Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

–  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл                     25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинң 2022 жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағыңдағы ишки жолларға щебень-қум араласпасын төсеў бойынша 2023 жылы ислениўи керек болған объектлердиң мәнзилли дизимин тастыйықлаў ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы Мәлимлеме хызмети

18.01.2023 14:38:59 358