ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ДЕПУТАТ ҚАДАҒАЛАЎЫНДА

01.01.2023 09:28:36 112 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариат баслығы, районлық Кеңес депутаты У.Утегенов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында “Абат мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларының барысы менен танысты.
Усы аймақтағы “Ағартыў көшеси (бурыңғы Бердимуратов көшеси) жолына қум-щебень араласпасы (ЩПС) төсеў жумысларының сыпатын көзден өткерди.

01.01.2023 09:28:36 113