УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

11.01.2023 09:21:52 112 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесииң секретариат баслығы, районлық Кеңес депутаты У.Утегеновтың округ аймағында ушырасыў жыйналысы болып өтти.
Ушырасыў барысында 2022 жыл даўамында депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтиў менен бирге 2022 жыл 20-декабрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүражатнамасынан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында ҳәмде аймақтағы машқалаларды ҳал қылыў бойынша пуқаралар тәрепинен билдирилген усынысларды “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырыў тәртиби, жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў дереклери ҳәм муғдары ҳаққында кеңнен түсиндирип өтилди.
Ушырасыўда пуқаралар өзлери қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды.

11.01.2023 09:21:52 113