Шаңарақларға байрам саўғалары тапсырылды

04.01.2023 14:35:57 238 Баспаға шығарыў

Бүгин ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир инсанға қуўаныш үлесилмекте. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д.Қурбаниязов, район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары менен биргеликте райондағы социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды байрам менен қутлықлаў мақсетинде олардың шаңарақларында болды.

Күтилмеген мийманлардың жақсы тилеклеринен қуўанышы көкке жеткен шаңарақ ағзаларына байрам саўғалары инәм етилип, азық-аўқат өнимлери ҳәм жыллы кийим-кеншеклер тапсырылды.

Ҳеш ким бизиң итибарымыздан шетте емес. Себеби, сизиң қуўанышыңыз биз ушын зәрүр.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

04.01.2023 14:35:57 239