Кегейлиде 8 ҳаял-қыз өзин-өзи бәнтлеў имканиятына ийе болды

07.01.2023 14:33:02 212 Баспаға шығарыў

Жумыссыз ҳаял-кызларға ɵнер сырларын үйретиўди мақсет еткен “ДАРИГУЛ АФИЗА ФИРМАСЫ” ЖШЖ Кегейлиде жасаўшы жумыссыз ҳаяллардың ɵзин-ɵзин бәнтлеўи ушын саўаплы иске қол урды.

Шымбай районында мийирбийкелик, ɵнерментшилик, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик жɵнелислеринде ҳаял-кызларды оқытып, ɵнер үйрениўине кɵмеклесип киятырған оқыў орайы баслығы А.Джумамуратова Кегейлиде жасаўшы 8 ҳаял-қызға үй шараятында түрли кондитер өнимлерин таярлаўы ушын электр печлерин қайырқомлық илажы есабынан тапсырды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

07.01.2023 14:33:02 213