Пуқаралардың мүрәжаты тийкарында көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер бүгин олардың мүшкилин жеңил етиўге хызмет етип атыр.
Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Т.Матсапаева район ҳәкимине хожалық жағдайларынан келип шығып, жалғыз ул перзентиниң неке тойын өткериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди.
Оның мүрәжаты унамлы шешилип, бүгин пайызлы орынлардың биринде перзентлериниң неке тойы өткерилип берилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети









