Районымызда саўда ярмаркасы даўам етпекте

10.01.2023 14:29:45 164 Баспаға шығарыў

Халқымызды сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин пуқараларға арзан баҳаларда жеткерип бериў мақсетинде Кегейли районында аўыл хожалығы өнимлери ярмаркасы даўам етип атыр.

Саўда ярмаркасында дийхан базарларымыз бенен халық тығыз жайласқан ең шетки аймақларға күнделикли зәрүр азық-аўқат өнимлери ҳәм байрам саўғалары халқымызға мақул баҳаларда жеткерип берилмекте.

Райондағы район ҳәкимлиги, екинши ҳәм сектор баслықларының қадағалаўы менен «Кегейли дийхан базары» нда гөш, гүриш, балық, мәйек ҳәм басқада дәстурхан ушын керекли өнимлер арзанластырылған баҳада алып келинип, район халқына сатылмақта.

Сондай-ақ, алыс аўыллық жерлерден “Жаңабазар” ҳәм “Абат” АПЖ ның шетки аўылларына да жеткерилип, аймақ халқы арзан өнимлер менен тәмийинленбекте.

10.01.2023 14:29:45 165