Бүгин райондағы Жылўан жап мәкан пуқаралар жыйынында район прокуроры, 2- сектор баслығы И.Абдуллаевтың басшылығында пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша қабыллаў өткерилди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен түрли мәселелерге арналған мүрәжатлар ҳәм усыныслар атап өтилди.
Қабыл етилген мүрәжатлар сол орынның өзинде тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренилип шығылды. Жәми 10 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынды.