Айрықша жағдайлар бөлими ескертеди!

08.01.2023 14:21:50 209 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 9-январь күнинен баслап Қарақалпақстан аймағына Волга бойы аймақларынан Европаныӊ арқа аймақларында пайда болған суўық ҳаўа массасы кирип келиўи күтилмекте. 2023-жыл 9-10 январь күнлери самалдың тезлиги 15-20 м/с тан, айырым жерлерде 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.
Ал 10-15 январь күнлери ҳаўаныӊ температурасы түнги ўақытлары 10-15 градус суўық, арқа районларда 17-22 градус суўық, үстирт тегислигинде болса 25-27 градус суўық, күндизги ўақытлары 7-10 градус суўыққа шекем төменлеўи күтилмекте.

Ҳүрметли пуқаралар!

Суўық ҳаўа ағымы кирип келиўи себепли жылытыў үскенелеринен пайдаланған ўақтында қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиң ҳәм қазан морыларының сазлығына итибар қаратың.

Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими

08.01.2023 14:21:50 210