Президентимиз мүрәжатнамасында көплеген халықшыл түске ийе усыныс басламалар сәўлеленген. Бул басламалар ертеңги күнде Жаңа Өзбекстанның гүллеп-жаснаўына әлбетте хызмет қылыўы сөзсиз. Мүрәжатнамада елимиздеги бәрше тараўлардың ҳәм аймақлардың жыл даўамында ерискен жетискенликлери ҳәм қылыныўы керек болған ислердиң бәршесиниң атап өтилгенлигин көриўимиз мүмкин.
Мүрәжатнамада ел басшымыздың “Биз ушын “Қарақалпақстанның жетискенлиги – пүткил Өзбекстанның жетискенлиги, Қарақалпақстанның тәшўиши – пүткил Өзбекстанның тәшўиши”, деген идея ҳәмме ўақытта әмелий ҳәрекетлердиң бағдары болып келген ҳәм буннан кейинде сондай болып қалады!
Бизиң баслы мақсетимиз-биргеликтеги мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған, абат ҳәм парахат Жаңа Қарақалпақстанды қурыў.
Әсирлер даўамында ет пенен тырнақ сыяқлы бир болып кеткен халықларымыздың дослығына, ҳеш қандай күш тәсир көрсете алмайды. Өйткени, бизиң өтмишимиз бир, бүгинимиз де, келешегимиз де бир!
Ўатанымыздың қәўипсизлиги ҳәм аймақлық бирлигин тәмийинлеўге ҳәр тәреплеме күшимиз жетеди!
Тыныш ҳәм парахат турмысымызды қәстерлеп, ғәрезсизлигимизди беккемлеп, турақлы раўажланыў жолымызды жеделлик пенен даўам етемиз!” деген сөзлерин тыңлап отырып Президентимиздиң бизиң Қарақалпақстан елине болған меҳир-муҳаббатын оның ҳәр бир сөзинен аңлаўымыз мүмкин еди.
Мүрәжатнамада халқымыз гүллениўи ҳәм мәмлекетимиздиң уллы келешеги ушын ҳәр бир басшы, ҳәр бир пуқара қандай жумыс алып барыўы, жүргизиўи менен байланыслы ўазыйпаларды анық белгилеп берилген. Коррупцияға қарсы кескин гүресиў, илим-пән, рақамлы экономиканы раўажландырыў, барлық тараў жөнелислеринде өз-ара бирге ислесиўдиң туўры жолға қойылыўы мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм инсан пәраўанлығының тийкарғы шәртлери екенлиги көрсетип өтилген.
МАЙРАМБАЙ ДОСБЕРГЕНОВ
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты