ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТНАМАСЫ ДЕПУТАТЛАР ДОДАЛАЎЫНДА.

09.01.2023 15:45:35 105 Баспаға шығарыў

Президентимиз мүрәжатнамасында көплеген халықшыл түске ийе усыныс басламалар сәўлеленген. Бул басламалар ертеңги күнде Жаңа Өзбекстанның гүллеп-жаснаўына әлбетте хызмет қылыўы сөзсиз. Мүрәжатнамада елимиздеги бәрше тараўлардың ҳәм аймақлардың жыл даўамында ерискен жетискенликлери  ҳәм қылыныўы керек болған ислердиң бәршесиниң атап өтилгенлигин көриўимиз мүмкин.

Мәмлекетлик инвестициялық жойбарлар мәҳәлле дәрежесине түсириледи,

Ең дәслеп, 2023-жылда пуқаралар тәрепинен усыныс етилген суў, электр, жол, мектеп сыяқлы жойбарлар ушын 8 триллион сум ажыратылады.

Мәҳәлле өзиниң машқаласын еркин сапластырыўы ушын «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизиледи. Оның ушын 1-январдан баслап, мал-мүлк ҳәм жер салықларының бир бөлеги мәҳәллениң өзинде қалады.

Мүрәжатнамада халқымыз гүллениўи ҳәм мәмлекетимиздиң уллы келешеги ушын ҳәр бир басшы, ҳәр бир пуқара қандай жумыс алып барыўы, жүргизиўи менен байланыслы ўазыйпаларды анық белгилеп берилген. Коррупцияға қарсы кескин гүресиў, илим-пән, рақамлы экономиканы раўажландырыў, барлық тараў жөнелислеринде өз-ара бирге ислесиўдиң туўры жолға қойылыўы мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм инсан пәраўанлығының тийкарғы шәртлери екенлиги көрсетип өтилген.

 

АЙДОС ДУЙСЕНБАЕВ

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты

 

 

 

 

 

09.01.2023 15:45:35 106