ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ АЛПЫС ТӨРТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

30.12.2022 21:38:48 140 Баспаға шығарыў

ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ гезекСИЗ алпыс ТӨРТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

 Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, тийисли тараў басшылары, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.

Сессия күн тәртибинде:

– Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жылда районды социал-экономикалық раўажландырыў  жуўмақлары ҳәмде 2023-жылға белгиленген ўазыйпалар ҳәм режелер туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2022 жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.

-Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген ис режесин тастыйықлаў ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Сессия соңында өз депутатлық ўәкилликлерине байланыслы ўазыйпаларды атқарыўда белсендилик көрсетип атырған бир қатар депутатлар Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Кегейли районы Мәлимлеме хызмети

30.12.2022 21:38:48 141