ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

30.12.2022 11:23:52 230 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў инспекциясы тәрепинен район аймағында әтирап орталықты қорғаў жағдайлары бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты қарап шығылды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

30.12.2022 11:23:52 231