ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ АЛПЫС ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

28.12.2022 19:41:54 153 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлар Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, тийисли тараў басшылары, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлиминиң 2022-жыл екинши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен  “Ҳаяллар дәптери”  тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы  ҳаққында.

– Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм  аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллар  ҳаққында.

– Кегейли районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў инспекциясытәрепинен район аймағында әтирап орталықты қорғаў жағдайлары бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым депутатларының депутатлық ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққында.

Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-сыныслар тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Кегейли районы Мәлимлеме хызмети

28.12.2022 19:41:54 154