Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл ушын Мүрәжәәтнамасында судлар ушын белгиленген ҳәм күтилип атырған реформалар

24.12.2022 16:50:16 308 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жылы 20-декабрь күни Олий Мәжилис хәм Өзбекстан халқына Мүрәжәәтнама жоллады.

Бул Мүрәжәәтнамада Өзбекстанымыз миллий раўажланыўының жаңа дәўиринде бул жылы халық саны 36 млннан асқанлығын, ҳәр жылы қатарымызға 900 мыңға жақын жаңа әўлад қосылып атырғанлығын, Өзбекстан деп аталған үлкен ҳәм аўызбиршиликли шаңарақтың ҳәр бир ағзасы тыныш ҳәм жақсы өмир сүриўи ушын зәрур шәрт-шараятлар жаратыў жолында тынымсыз изленип атырғанлығын айрықша атап өтти.

Сонлықтан киятырған жаңа 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы», деп атама бериўди усыныс етти.

Усы 2022-жылы «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы жаңа Нызам қабыл еттик. Буннан былай мәмлекетлик лаўазымларға тек ғана конкурс тийкарында иске қабыл етиледи. Барлық басшылар искерлиги нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалап барылады, деп айтып өтти.

Инсән ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў мәмлекеттиң конституциялық мәжбүрияты сыпатында белгилениўи лазым.

Соны айрықша айтып өтиў керек, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен суд-ҳуқық системасында да бир неше ислениўи зәрүр мәселелерге тоқтап өтти.

Соңғы жылларда суд-ҳуқық системасында Әдиллик орнатыў бойынша көп ислер қылдық, соның менен бирге, әдил судлаўды тәмийнлеу бойынша еле қолымыз жетип бармаған мәселелер бар. Тилекке қарсы ҳәзирги күнде де тергеў сыпаты пәслиги, судларда адамлардың әўерегершилиги, суд қарарлары орынланбай қалып атырған жағдайлар ушыраспақта.

Бул мәселеге, ең алды менен, Жоқары суд баслығы ҳәм Бас прокурорды тәшўишке салыўы кереклиги айтылды. Не ушын елеге дейин мәмлекет есабынан бийпул тәмийлленетуғын адвокатларды электрон таңлаў системасы иске түспеди? Ким буған қарсы? Бул мәселени айрықша бақлаўға алып, тез күнлерде усы системаның толық иске түсирилиўин тәмийнлеўимиз зәрүр деди.

Сонлықтан, қысқа мүддетте ҳуқық-қорғаў органларын жаңаша ислеўге үйрететуғын, әдил судлаўды сыпатын асыратуғын система жаратамыз. Бул мәселеде айрықша Пәрман имзаланады деп атап өтти.

Ең алды менен, адамларымыздың орынларда судпа-суд сәрсен болып жүриўлериниң алды алынады, буның ушын әдалатлы ҳүким ҳәм қарар шығарыў бойынша ўәлаят судларының ўәкиллиги де, жуўапкершилиги де асырылады.

Тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўлерин еситиў ҳәм мүлкин хатлаўға санкцияны прокурордан судқа өткеремиз. Енди тергеўши жынаятқа байланыслы деп, ҳәр қандай мүлкти хатлап қоя алмайды, себеби биз жеке мүлктиң қол қатылмаслығын күшейтириў бойынша көп ғана ҳәрекетлер исленди.

Буннан былай мүлк ҳуқықын шеклеўге байланыслы ҳәр қандай ҳәрекет тек суд арқалы болады. Тергеў сыпатын асырыў бойынша да системалы шаралар көремиз. Тергеў шахсты айыплаў ушын емес, жынаятты ашыў арқалы ҳақыйқатты анықлаў ушын ислеўи керек.

Соның менен бирге, судта ислерди көриўде қатнасытуғын өз алдына прокурорлар корпусы сәўлеленеди. Олар арнаўлы оқытылады, исти судта көриўде қалыс, ғәрезсиз болыўы нызам менен белгиленеди.

Әдил судлаўды тәмийнлеўде қорғаўшыға берилген ҳуқықларда қайта көрилип шығылып, жетпейтуғын ўәкилликлер бериледи.

Не ушын адвокатқа жынаят исин қозғаў ҳәм тамамлаў ҳаққындағы қарардан нусқа берилмейди? Бундай жағдайда теңлик ҳаққында қандай айтыў мүмкин?

Енди судларға жынаят иси тек ғана айыплаў жуўмақ пенен емес, бәлки қорғаўшының пикири мнен бирге қабыл етиледи.

Айыпланыўшының қорғаўшыдан бас тартыўы бойынша ҳәр бир жағдай прокурор, суд тәрепинен муқыятлап үйренилетуғын система ислеп шығылады.

Кейинги ўақытлары айрым ўақытша услап турыў орынларында инсән ҳуқықлары бузылыўы бойынша аўырыўлы мәселелер көтерилмекте.

Бизиң елимизде бундай жағдайлар улыўма болыўы мүмкин емес. Ким бунған әмел етпесе, нызам үстин, жазаланыўы шәрт болады.

Жетекши сырт ел тәжирийбелер тийкарында ҳәкимшилик судлар искерлигин жаңа басқышқа алып шығамыз.

Ҳәкимшилик судларға ҳәким қарарларынан нарыйза болып мүрәжәәт еткен жағдайда, ислерди экстерриториал тәртипте, яғный басқа аймақта да көриў әмелияты иске түсириледи.

Министрлер де, ҳәкимлер де бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыўы керек, Өзбекстанда мүлк ҳәм инвестицияның қорғаўшысы қайсы бир ҳәким яки министр емес, тек Конституция, нызам ҳәм суд болады.

Бул бойынша Халықаралық коммерциялық судын Өзбекстанда шөлкемлестириў бойынша да әмелий ислер басланды, деп судлар хаққында айрықша тоқтап өтти.

Суд системасында әмелге асырылып атырған ислер, жаңа реформалар әдил судлаўдың сыпатын асырыўға, бул болса пуқара ҳәм исберменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға, сондай-ақ мәмлекетимиздиң раўажланыўына хызмет етеди деп исенемиз.

Сонлықтан буны әмелде тәмийнлеў ушын бар имкәниятларымызды иске саламыз. Алдымызда турған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын искерлигимизди жәнеде күшейтиремиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар

аралық ҳәкимшилик судының судьясы

               Кайрат Кыпшакбаев

24.12.2022 16:50:16 309