«Ҳәмме инсанлар өз қәдир-қымбаты ҳәмде ҳуқықларын еркин әмелге асырады. Оларға ақыл ҳәмде ҳуждан берилген, сондай екен бир-бирлерине қарата туўысқанлық руўҳында қатнаста болыўлары керек» деп Инсан ҳуқықлары бойынша дүнья жүзлик декларациясының 1-статьясында атап өтилген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018 жылы 20-октябрь куни 841-санлы «2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул қарар менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 2015-жылдың сентябринде Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде қабыл етилген 70-санлы резолюциясына муўапық, сондай-ақ, 2030-жылға шекем болған дәўирде БМШ Глобал күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-изликте әмелге асырыў бойынша системалы ислерди шөлкемлестириў мақсетинде 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланды.
Соңғы жылларда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаяллардың социаллық ҳәмде сиясий турмысындағы ролин асырыў бойынша ислер бир неше жөнелислерде алып барылмақта:
-ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳужжетлерин жеделлестириў,
-ҳаялларды қорғаўдың институционал тийкарларын жеделлестириў,
-халықтың гендер теңлик ҳәм ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы хабардарлығын асырыў.
Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имкәниятлар кепилликлери ҳаққында»ғы нызамы менен миллий нызамшылығымызда биринши мәретебе «гендер», «гендер статистикасы», «гендер-ҳуқықый экспертиза» «жынсы бойынша тиккелей кемситиў», «жынсы бойынша қыя кемситиў» түсиниклери пайда болды.
Бул нызам менен «гендер» түсинигине төмендегише тәрийип бериди.
Гендер – бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы қатнасықлардың жәмийет өмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларында, атап айтқанда сиясат, экономика, ҳуқық, идеялогия ҳәм мәденият, билимлендириў илим-пән тараўларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.
«Гендер» түсиниги лотинша «genus», яғный «жыныс» мәнисин аңлатады.
Өзбекстан Республикасының 2019 жылы 3-сентябрь куни қабыл етилген «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам менен зорлық, жынысый зорлық, физикалық зорлық, экономикалық зорлық, руўхый зорлық түсиниклерине түсиндирмелер берилди.
Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға қарата зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына қарата усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжет, бул ҳүжжетти бериў тәртиплери енгизилди.
1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.06.00.00 Инсон ва фуқаронинг ҳуқуқлари, эркинликлари ва бурчлари / 01.06.09.00 Алоҳида тоифадаги фуқароларни (аёллар, болалар ва бошқалар) ҳуқуқий ҳолатини ўзига хос хусусиятлари]
1.Ижтимоий-маданий масалалар / Ижтимоий суғурта, ижтимоий таъминот ва ижтимоий ҳимоя;
2.Одил судлов. Ҳуқуқ-тартиботни муҳофаза қилиш. Адлия / Маъмурий жавобгарлик
1.02.00.00.00 Давлат бошқаруви асослари / 02.08.00.00 Иқтисодиёт, ижтимоий-маданий қурилиш соҳасидаги давлат бошқарувининг умумий масалалари / 02.08.07.00 Ҳисоб. Ҳисобот. Статистика (шунингдек, 07.29.00.00 га қаранг)]
Соңғы жылларда гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди ҳәм бул мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жедел қәдемлериниң бири болды.
Қабыл етилген нызамлар алдағы ўақытта елимиздиң раўажланыўына үлесин қосыўшы тарыйхый ҳужжетлер болды десек қәтелеспеймиз.
Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов