ϴЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТӘЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ТУЎЫЛҒАНЫНА 75 ЖЫЛ ТОЛЫЎ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ЕСЛЕЎ КЕШЕСИ ϴТКЕРИЛДИ

19.12.2022 18:44:44 427 Баспаға шығарыў

Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Кегейли районында ɵзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.

 

Кешени Кегейли районы ҳакими Д.Утемуратов кирис сɵз бенен ашып, ɵз сɵзинде  Муса Тажетдинович өз өмирин қарақалпақ үлкесиниң раўажланыўына бағышлағанлығын, ɵзиниң дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкерли лаўазымларда шын жүректен хызмет етип, Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына, халқымыздың турмыс пәраўанлығының артыўына өз үлесин қосқан, халқымыз ҳәм мәмлекетимизге садықлық пенен, ҳадал және пидәкерлик пенен хызмет еткен инсан екенлигин айрықша атап ɵтти. Сондай-ақ, кеше даўамында Муса Тәжетдиновичтиң заманласлары, бирге ислескен жәмийетлик искерлер менен жаслар оның ең ағла пазыйлетлерин еске түсирди.

Хақыйқатында да, Муса Тәжетдинович Қарақалпақстанның ҳақыйқый перзенти, ҳақыйқый қаҳарманы еди. Бул үлкениң ҳәр бир қарыс жерин бес бармағындай билетуғын, қай жерде қандай машқала бар, адамлар қандай шараятта жасап атыр, не ислесек бул машқалаларды шешиўге болады, буның ушын қандай шешим керек, барлығын билетуғын еди ҳәм ол өз өмирин ақырғы күнлерине шекем усы машқалаларды шешиўге бағышлады. Ол бир өмир өзи сыяқлы ақкөкирек, туўры сөзли ҳәм кишипейил адамлар менен бирге болып, ҳәр бир пуқарамыздың дәрти, тәшўиши менен жасады.

Ҳәр қандай қыйын шараятта да халқымыздың мәпин ойлап, халқымызға хызмет етиўди өз өмириниң мазмун-мәниси деп билди. Әсиресе, 18 жыл даўамында республикамызды айрықша ақыллылық, үлкен тәжирийбе менен басқарған ўақтында барлық салаларда избе-из реформалар әмелге асырылды. Атап айтқанда, соңғы жыллар ишинде әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары сол ўақытта көз алдымызда бой тиклеп, нәтийжеси көрине баслады. Усындай ийгиликли ислериниң арқасында Муса Тажетдинович қарақалпақ халқының меҳири ҳәм ҳүрметине еристи. Әлбетте, Муса Тажетдиновичта бундай ҳүрмет ҳәм потенциалға ерисиў ушын тийкар бар еди. Яғный, ол 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтыда, 1986-жылы Ташкент жоқарғы партия мектеплеринде билим алған. 1983-1989-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хожалығы министри,2000-2001-жылларда Шымбай районы ҳәкими, 2001-2002-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары болған. 2002-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары еди. Муса Тажетдинович басшы лаўазымда ислеген ўақтында, 2006-жыл “Меҳнат шуҳрати” ордени, 2007-жыл “Пидәкерлик хызметлери ушын” ордени, 2011-жыл “Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы” ҳүрметли атағы, 2019-жылда “Өзбекстан Қаҳарманы” атағы менен сыйлықланған.

Муса Тажетдинович ҳәзир арамызда болғанда быйыл 75 жасты қарсы алған болар еди. Бүгин Муса Тажетдиновичтиң жарқын естелигине болған ҳүрмет-иззетиңизди биз, бәринен бурын, пүткил Қарақалпақ халқына болған ҳүрмет-иззеттиң көриниси сыпатында қабыл етемиз. Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети бәршемизди Ўатанды ҳақыйқый меҳир менен сүйиўге, жанажан Өзбекстанымызға, Ҳүрметли Президентимизге садықлық пенен хызмет етиўге шақырып турады. Биз бүгин марҳум  ақсақалымыз Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети алдында бас ийип, елимиз раўажланыўы және халқымыздың пәраўанлығы ушын барлық потенциалымызды иске қосып, садықлық пенен хызмет етип, ол баслаған ийгиликли ислерди даўам еттиремиз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

 

 

19.12.2022 18:44:44 428