Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинде Жаслар парламенти ўәкиллери мектебин шөлкемлестириў ҳаққында ғы Халық депутатлары Кегейли районлық кеңеси шешими

19.12.2022 10:20:06 191 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 12-октябрь күнги “Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың Сенат ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәмде жаңа әўлад резерв кадрларды қәлиплестирип барыў ҳаққында” ғы КҚ-272-IV-санлы қарарының орынланыўын басшылыққа алып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинде Жаслар парламенти ўәкиллер мектебин шөлкемлестириў мақсетинде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл
    12-октябрь күнги “Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың Сенат ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәмде жаңа әўлад захира кадрларды қәлиплестирип барыў ҳаққында”ғы КҚ-272-IV-санлы қарары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби шөлкемлестирилсин.
  3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби ағзалары дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби ҳақкындағы Реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги Жаслар парламенти ўәкиллер мектебиниң қәлиплестирилген ағзалары Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңес депутатларына бириктирилсин.
  6. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

 

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги Жаслар парламенти ўәкиллер мектебиниң ағзалары

ДИЗИМИ

Т/с Жаслар парламенти ўәкиллери мектеби ағзасы, Ф.А.Ә.а Туўылған жылы Оқыў орны, жумыс орны
1 Толебаев  Мағзамбай Садирбай улы 1993 жыл Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлиминде шөлкемлестириў-қадағалаў бойынша бас қәнигеси
2 Ҳабибуллаев Ажинияз Шамурат улы 1994 жыл Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими қәнигеси
3 Қалыбаев Ажинияз Алтынбай улы 2003 жыл Дәстүрий өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирексиясы” ЖШЖ Қарақалпақстан Республикасы, Кегейли районы окыў орайы тәлим қәнигеси
4 Қуўанышбаев Байрон Қуўанышбай улы 1995 жыл

 

Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими қәнигеси
5 Даўлетмуратов Бахтияр Адилбай улы 1998 жыл Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими қәнигеси
6 Муратбаев Илхам Реймбаевич 1994 жыл Кегейли районы “Жүзим бағ” АПЖ жаслар жетекшиси
7 Бахитов Шынтас Бахтиярович 1994 жыл Кегейли районы “Абат макан” МПЖ жаслар жетекшиси
8 Яхыяева Айсара Қонысбаевна 1993 жыл Кегейли районы “Көк өзек” МПЖ жаслар жетекшиси
9 Оразбаев Тойымбет Бахытбай улы 1995 жыл Кегейли районы “Жылўан жап” МПЖ жаслар жетекшиси
10 Байназаров Наўрызбек Сарсенбаевич 1994 жыл Кегейли районы “Абат” АПЖ жаслар жетекшиси
 

11

Аметов Ажинияз Муратбай улы 1994 жыл Кегейли районы “Маденият” МПЖ жаслар жетекшиси
 

12

Отепов Джахангир Ибайдулла улы 1994 жыл Кегейли районы “Қумшунгил” АПЖ жаслар жетекшиси
13 Сарсенбаев Байрамбай Жалғасбаевич 1993 жыл Кегейли районы “Гулим терек” АПЖ жаслар жетекшиси
14 Хожаниязов Даўлет Наўрызбай улы 1994 жыл Кегейли районы “Бахытлы” АПЖ жаслар жетекшиси
15 Саршаев Рауаж Жолдасбай улы 1996 жыл

Руўҳый ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлими бас қәнигеси

16 Жолдасбаева Сабрина Азамат қызы 2003 жыл Бердах атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти
17 Каримов Арысланбек Ахмедуллаевич 1993 жыл Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлими ис жүритиўшиси
18 Сарсенов  Алмаз Женисбай улы 1994 жыл Кегейли районы ҳакимлиги бас есапшысы
19 Қайпназарова Гулхатиша Қурбаназаровна 1994 жыл Өзбекстан Республикасы Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби психологи
20 Бийимбетова Захира Маркабаевна 1994 жыл Кегейли районы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшысы
21 Адилханова Азиза Азаматовна 1995 жыл Кегейли тумани 14-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
22 Худайназарова Бибисара Ережеп қизи 1993 жыл Кегейли тумани 3-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
23

 

Аяпова Ҳурлиман Базарбаевна 1995 жыл Кегейли тумани 4-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
24 Рзамбетова Минара Кууатбаевна 1995 жыл Кегейли тумани 8-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
25 Пирниязова Роза Қунназар қизи 1994 жыл Кегейли тумани 11-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
26 Ибрагимов Шерзат Шухрат улы 1996 жыл Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими қәнигеси
27 Оңғарбаева Жулдыз Парахатовна 1995 жыл Кегейли тумани 55-санлы мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы
28 Кдырбаев Бахадыр Бердахович 1996 жыл Өзбекстан Республикасы Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби мүғәллими
29 Бекбаев Адил Қуўатбаевич 1993 жыл Кегейли районы Халықтың бәнтлигине комеклесиў орайы инспектори
30 Отемуратов Алпамыс Махсетбай улы 1999 жыл Кегейли районы ҳакимлиги бас қәнигеси

Халық депутатлары Кегейли районы Кеңесинде шөлкемлестирилген

Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби

РЕЖЕСИ

 

1-бап. Улыўмалық қағыйдалар:

  1. Бул реже Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жаслар парламенти ўәкиллери мектебиниң мақсет ҳәм ўазыйпалары, оның дүзилиў тәртибин ҳәм де искерлигиниң тийкарғы бағдарларын белгилейди.
  2. Жаслар парламенти ўәкиллериниң мектеби (кейинги орынларда – ўәкиллер мектеби) өз искерлигин Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенаты ҳәм Сенат Кеңесиниң, Халық депутатлары ўәлаят, қала ҳәм район Кеңеслериниң қарарларына, усы Режеге ҳәм басқа норматив ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырады.
  3. Ўәкиллер мектеби Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси шешимине тийкарланып шөлкемлестирилип, юридикалық шахс болмаған жәмийетшилик тийкарында шөлкемлестирилген мәсләҳәт органы есапланады.
  4. Ўәкиллик мүддети питкеннен соң, ўәкиллер мектеби ағзалары ўәкиллер мектебиниң жаңа қурамы дүзилген күнге шекем өз искерлигин даўам етеди. Ўәкиллер мектеби ағзалары жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барғанлығы себепли қол қатылмаслық ҳуқуқынан пайдалана алмайды.

2-бап Жаслар парламенти ўәкиллери мектебиниң мақсет ҳәм ўазыйпалары:

  1. Ўәкиллер мектебиниң тийкарғы мақсети: аймақларда жаслардың жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўдағы орны ҳәм тәсирин әмелде тәмийинлеў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм саўатханлығын арттырыў, жәмийетте жасларды сиясий белсенди қатламға айландырыў ҳәм де олардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин байытыў, реже бойынша ҳәм реже дөретиўшилиги процессине жасларды тартыў ҳәм олардың Халық депутутлары ўәлаят, қала ҳәм район Кеңеслери, сондай-ақ, парламент турмысына байланысын арттырыўдан ибәрат.
  2. Ўәкиллер мектеби төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырады:
  3. Халық депутатлары Кегейли районы Кеңеси сессиялары ҳәм турақлы комиссиялардың мәжилислеринде жаслар ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеў, оларды норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процеси, парламент қадағалаўы менен жақыннан таныстырыў;

2.Аймақларда жаслар ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға байланыслы реже ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

-Жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, жасларға байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, аймақлық мәмлекетлик бағдарламаларға усыныслар ислеп шығыў;

-Жасларда ўәкиллик органы искерлигине тийисли көнликпелерди қәлиплестириў;

-Жасларға тийисли мәселе ҳәм машқалалар бойынша излениўлер алып барыў ҳәм ңәтийжеси бойынша тийисли усынысларды Халық депутатлары Кегейли раёны Кеңесине көрип шығыў ушын усыныў;

-Нәгиранлығы бар болған, ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм жетим балалар менен ислеў;

  1. Халық депутатлары Кегейли районы Кеңеси ҳәм жаслардың бирге ислесиўин және де беккемлеўге қаратылған заманагөй бағдарларды белгилеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
  2. Жаслардың, әсиресе, жумыс пенен бәнт болмаған жаслардың исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў;

-Жасларға тийисли мәмлекет сиясатын әмелге арттырыўда жаслар қатнасыўын көбейтиў;

  1. Жаслардың медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыўға, олар арасында китапқумарлықты раўажландырыўға, олардың интеллектуал, руўҳый-тәрбиялық, эстетикалық, әдебий дүнья қарасын кеңейтиўге көмеклесиў;

-Жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша илажларда белсенди қатнасыў;

-Реже дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қоллаў әелиятының әҳимийетли машқалаларын жаслар қатнасыўында додалаў ҳәм оларды шешиўге қаратылған усыныслар таярлаў;

-Жаслардың сиясий билимлерин арттырыў, олардың ўатансүйиўшилик руўҳын күшейтириўде ўәкиллик органлары менен бирге ислесиў;

-Жаслардың парламент искерлиги бойынша хабардарлығын арттырыў.

3-бап. Жаслар парламенти ўәкиллери мектебиниң қурамын қәлиплестириў ҳәм жумысын шолкемлестириў

  1. Ўәкиллер мектеби ағзалары Кегейли районындағы түрли бағдарларда искерлик алып барып атырған белсенди, жоқары мәнаўиятлы, ғарезсиз пикирлеўши, қатаң турмыслық көзқарасқа, кең дүнья қарас ҳәм терең билимге ийе 18-30 жастағы жаслар арасынан гендер теңлиги тәмийинленип қәлиплестириледи.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы ўәкиллер мектеби ағзалығына қабыл етилиўи ушын талабанларды уыныс етеди. Турақлы комиссиялар талабанлар арасынан
30 данасын сайлап алып, тастыйықлаў ушын Кеңес додалаўына киргизеди.

  1. Халық депутатлары Кегейли районы Кеңесиниң депутатлары бир ўақыттың өзинде ўәкиллик мектеплериниң ағзасы болыўы мүмкин емес. Ўәкиллер мектебин басқарыўшылар баслықлар деп жүритиледи. Ўәкиллер мектеби баслығы 30 жастан аспаған, ҳуқықый ҳәм сиясий билимге ийе, белсенди ҳәм тәжирийбели болыўы талап етиледи.

-Баслық ўәкиллер мектебиниң биринши жыйналысында ағзалар тәрепинен жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады.

-Баслықлыққа талабанлар Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен усынылыды. Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби искерлигин ҒХҚ ҳәм интернет социаллық тармақларда турақлы жарытып барыў ушын ағзалардан бирине хаткер ўазыйпасы жүклетилиўи мүмкин.

-Ўәкиллер мектеплери төмендеги тийкарғы бағдарларда искерлик алып барады:

-Жаслардың Халық депутатлары Кегейли районы Кеңеси менен турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў;

-Жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәденияты дәрежесин жетилистириў;

-Жаслар машқалалары менен ислесиў ҳәм олардың мүрәжатлары тийкарында излениўлер алып барыў;

-Нәгиранлығы болған, ата-ана қарамағынан айрылған ҳәм жетим балаларды социаллық жақтан қорғаў;

-Жасларды жумысқа жайластырыў ҳәм олардың исбилерменликти раўажландырыў бағдарларын қадағалап барыў;

-Районымызда бес тийкарғы  басламаны әмелге арттырыўда белсене қатнасыў;

-Тәжирийбели жасларды анықлаў ҳәм оларды хошаметлеў бойынша искерлик көрсетиў.

  1. Ўәкиллер мектеби ағзаларының ўәкиллик мүддети Халық депутатлары

Кегейли районы Кеңеси ўәкиллик мүддетине тең.

  1. Ўәкиллер мектеби ағзаларының Мажилиси оны басқарыўшы уйымы есапланады.
  2. Ўәкиллер мектеби тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлер усынылыўы қәсийетине ийе болады.
  3. Ўәкиллер мектеби ағзаларының искерлигин Халық депутатлары раён Кеңеси тәрепинен муўапықластырылып барылады.
  4. Ўәкиллер мектеби искерлиги ушын районы ҳәкимлиги тәрепинен хана ажыратылыўын тәмийинлейди.
  5. Ўәкиллер мектеби искерлигин шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы жуўапкер есапланады.

4-бап. Жаслар парламенти ўәкиллери мектеби искерлигин жүритиў тәртиби:

  1. Ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжилислери зәрүрликке бола, ямаса ҳәр шеректе кеминде бир мәрте өткизиледи. Ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжилислери ўәкиллер мектеби баслығы тәрепинен шақырылады. Зәрүр жағдайларда ўәкиллер мектеби мәжлислери хабар-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда видеоконференция байланысы режиминде өткерилиўи мүмкин.
  2. Ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжилиси өткерилиўинен кеминде жети күн алдын хабардар болыўы шәрт. Хабарнамада ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжилиси өткерилетуғын орын, сондай-ақ усынылған күн тәртиби көрсетилиўи лазым.
  3. Ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжлислериниң шешимлери ашық даўыс бериў жолы менен қабыл етиледи.
  4. Ўәкиллер мектеби ағзаларының иләжлары ашықлық ҳәм ашкаралық тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи.
  5. Ўәкиллер мектеби ағзалары мәжилислериниң баянамалары ўәкиллер мектеби мәжилисинде сайланатуғын хаткер тәрепинен жүритиледи.

5-бап. Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби баслығы ҳәм оның хаткериниң ўазыйпалары:

  1. Ўәкиллер мектеби баслығы ўазыйпаларын әмелге арттырыў ўақтында турақлы искерлигинен ажыратылмаған жағдайда төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырады:

– өз ўәкиллигине көре жасларға байланыслы мәселелер бойынша көрип шығылыўы ушын Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына усыныслар киритеди;

– ўәкиллер мектеби ағзалары Мәжилисин шақырады, оларға басшылық етеди;

– ўәкиллер мектебине киритилетуғын жасларға байланыслы мәселелерди таярлаўға басшылық етеди;

-ўәкиллер мектеби ағзаларының искерлигин муўапықластырып барыў ҳәм оларға ўазыйпаларды бөлистиреди;

-усы режеде көрсетилген, реже менен шекленбеген басқа ўазыйпаларды әмелге асырады.

  1. Ўәкиллер мектеби хаткери:

– ўәкиллер мектеби ағзаларының мәжилисинде қабыл етилген усыныслар ҳәм мәжилислер баянламаларын жүритеди;

– баянламаларды тастыйықлаў ушын баслыққа усынады ҳәм де канцелярия ҳүжжет ислерин жүритиўди шөлкемлестиреди;

– мәжилис баяннамалары атқарылыўын мониторинг етип барады;

–          жаслар тәрепинен жолланған мүрәжатларды дизимге алады ҳәм олар ҳаққында баслыққа есабат киритип барады;

6-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар:

  1. Усы режеге өзгертириў ҳәм қосымшалар киритиў яки Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби искерлигин тоқтатып турыў яки тоқтатыў Халық депутатлары Кегейли раёнлық Кеңесиниң тийисли шешими менен әмелге асырылады.
19.12.2022 10:20:06 192