Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында район ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторы баслығы К.Абдиразақованың мәлимлемесин қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында район ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторы баслығы К.Абдиразақованың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов), Балалар мәселелери бойынша районлық комиссиясына:
– тийисли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте балалардың, әсиресе ата-анасының қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларды тәрбиялаў, олардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, жасаў ҳәм билим алыўы ушын жаратылған шараятларды жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажларды жәнеде жеделлестириў;
– ата-анасының қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларға талим-тәрбия бериў, олардың илим-пән, мәлимлеме технологияларын, шет тиллерди өзлестириўи ушын қолайлы шараятлар жаратыу, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, денетәрбия ҳәм спорт шуғылланыўларын шөлкемлестириў, мәденият ҳәм көркем-онерге қызығыўшылықларын арттырыў;
– «Меҳир дәптери»не киргизилген балаларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде турақ жайға мүтәж жасларға турақ-жайлар ажыратыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў;
– ишки ислер бөлими менен биргеликте жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық, қараўсызлық, ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқада унамсыз ис-ҳәркетлердиң алдын алыу, оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды анықлаў ҳәмде сапластырыў;
– районлық медицина бирлеспеси мене биргеликте спиртли ишимликлер, нәшебентлик затлар, психотроп ямаса ақыл-санасына унамсыз тәсир етиўши басқа затларды турақлы түрде қабыл етип атырған балаларды емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациялаў, балаларға сапалы медициналық жәрдем көрсетиў;
– мектепке шекемги билимлендриў бөлими менен биргеликте мектепке шекемги жастағы балалардыы мектепке шекемги билимлендириў мене басқышпа-басқыш толық қамтып алыу, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың балаларын белгиленген жеңилликлер тийкарында тәрбияланыўын тәмийинлеў тапсырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары өзлери сайланған аймақта балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың үстинен депутатлық қадағалаўды күшейтсин.
- Жетим балалар ҳәм ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды әменгерлик ҳәм қәўендерликке алған «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шаңарақларға усы балалар 18 жасқа толғанша Қарақалпақстан Республикасы бюджети қосымша дереклери есабынан базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында материаллық жәрдем бериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс киритилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), Кегейли турмысы газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, билим алыўы ушын жаратылған шараятларды жақсылаў бағдарында алып барылып атырған илажларды ғала хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.