Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққында ғы Халық депутатлары кегейли районлық кеңеси шешими

19.12.2022 10:14:42 208 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл                                 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында  белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы аймағында белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының              21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы аймағында белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкимлиги бас қәнигеси Б.Қадировтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Бағдарлама шеңберинде 2022-2023 жылларда Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў бойынша өткерилген электрон тендер саўдалары нәтийжелерине бола тендер жеңимпазлары анықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Тендер жеңимпазлары болған кесип алып ислеўши қурылыс шөлкемлери басшылары Кегейли районы аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын жақсылаў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин
  4. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, Б.Қадиров), райондағы сектор басшылары ҳәм тийисли қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте:

– Бағдарлама шеңберинде 2022-2023 жылларда Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша зүрүр илажлар белгилесин;

– мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың өз ўақтында ҳәм сыпатлы шөлкемлестирилиўин қатаң қадағалаўға алыў;

– буннан тысқары орынларда инфраструктура тараўында орын алып атырған машқалалардың өз шешимин таўып атырғанлығы ҳаққында халыққа кеңнен түсиндириў жумысларын алып барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына Бағдарлама шеңберинде мәнзилли дизимге муўапық объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаў орнатсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) менен биргеликте бағдарламада белгиленген райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы сектор басшыларына ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

19.12.2022 10:14:42 209