Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң алып барып атырған жумысларының нәтийжелилиги ҳәм Кегейли районы аймағында 2022 жылда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” дәстүри шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Халық депутатлары кегейли районлық кеңеси шешими

19.12.2022 10:13:37 126 Баспаға шығарыў

Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң алып барып атырған жумысларының нәтийжелилиги ҳәм Кегейли районы аймағында
2022 жылда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” дәстүри шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң алып барып атырған жумысларының нәтийжелилиги ҳәм Кегейли районы аймағында
    2022 жылда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” дәстүри шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2.  Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларында еледе қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы атап өтилсин.
  3. Район ҳәкимлиги, райондағы сектор басшылары пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын жақсылаў мақсетинде тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. . Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов) Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Д.Ордашов):

– аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың  мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин;

– мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, Б.Қадиров) “Абат аўыл” бағдарламасы шеңберинде 2022 жылда дәстүрге киритилген Кегейли районы “Жалпақ жап” ҳәм “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс объектлеринде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумыслары ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат киритсин.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялары баслықларына жүкленсин.
19.12.2022 10:13:37 127