Сессияға Халық депутатлар Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, тийисли тараў басшылары, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси Секретариат баслығы У.Утегенов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң алып барып атырған жумысларының нәтийжелилиги ҳәм район аймағында 2022-жылдағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” дәстүри шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
– Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында2022-жыл 5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында берилген ўазыйпалар ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинде Жаслар парламенти ўәкиллери мектебин шөлкемлестириў ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Кегейли районы Мәлимлеме хызмети