“Меҳир ҳәрекети” депутатлар қатнасыўында даўам етип атыр

12.12.2022 12:22:43 125 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариат баслығы, районлық Кеңес депутаты У.Утегенов “Абат мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы шараяты аўыр болған М.Палымбетовтың шаңарағында болып, ҳал-жағдайларынан хабар алды ҳәм азық-аўқат өнимлерин алып барып, машқалаларын тыңлады.

Тийкарғы машқалалары жайының төбесин шиферлаў, 1 бөлмесиниң шала қалған жерин поллаў, бөлмелерин потолоклаў жумыслары, 1 бөлмесиниң есиги жоқ екенлиги мәлим болды, соның менен бирге бул шаңарақ ийелерине турақ жайын шиферлаў ҳәм басқада оңлаў жумыслары бәҳәр айларында әмелге асырылыўы түсиндирилип өтилди.

12.12.2022 12:22:43 126