Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс биринши сессиясы болып ɵтти

09.12.2022 13:07:31 352 Баспаға шығарыў

Сессия күн тәртибинде тɵмендеги  мәселелер кɵрип шығылды.

Мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў барысы ҳәм 2022-жылдың 10 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл                     25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында жуўапкер тараў ўәкиллериниң мәлимлемеси тыңланды.

Сондай-ақ,  Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022 жыл                         14-майдағы «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының орынланыў барысы туўралы 184-К/22-санлы шешиминиң орынланыў барысы ҳәм «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сессия даўамында, аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳәм Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы
мектеплерде бос (вакант) турған директор лаўазымына таӊлаў жолы менен талабанлар усыныў хаққында мәселелер кɵрип шығылды.

Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

 

                                                                          

 

09.12.2022 13:07:31 353