ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

07.12.2022 18:39:26 134 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде:

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл                     25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жылдың үшинши шереги жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққындағы мәселелер талқыланды.

07.12.2022 18:39:26 135