Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен 2022-жыл 28-январь күни «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Бул пәрман менен «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланған ҳалда ислеп шығылған жети тийкарғы жөнелистен ибарат 2022-2026 жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан мәплерин тәмийинлеў ҳәм мәҳәллени раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик дәстүри тастыйықланды.
Раўажланыў стратегиясының жети жөнелиси, булар
Инсан қәдирин көтермелеў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин жәнеде раўажландырыў арқалы халық сүйгиш мәмлекет дүзиў;
Мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстемлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәмде зәрүр шәртине айландырыў;
Миллий экономиканы тезлик пенен раўажландырыў ҳәмде жоқары өсиў пәтин тәмийинлеў;
Әдил социаллық сиясат жүритиў, инсан капиталын раўажландырыў;
Руўхый раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў;
Миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма инсаныйлық машқалаларға жандасыў;
Мәмлекетимиз қәўипсизлигин ҳәм қорғаныў қүдиретин күшейтириў, ашық, прагматик ҳәм актив сыртқы сиясат алып барыў болып есапланады.
«Раўажланыў стратегиясы»ның екинши тийкарғы жөнелиси жүзесинен әдиллик ҳәм нызам үстемлигин тәмийинлеў бойынша төмендегише тийкарғы ўазыйпалар белгиленди:
Мүлкий ҳуқықлардың қол қатылмаслығын исенимли қорғаў ҳәмде мәмлекетлик уйымлардың мүлкий қатнасықларға нызамсыз араласыўын шеклеў;
Жеке мүлк қол қатылмаслығы ҳәм қорғаўы кепилликлерин күшейтириў, Мүлкий сондай-ақ жер участкасына болған ҳуқықларын сөзсиз тәмийинлеў;
Жеке мүлк үстемлигин тийкарғы принцип ретинде белгилеў, сондай ақ, мәмлекетлик уйымының рәсмий мағлыўматына исенип мал-мүлк сатып алған шахстың ҳуқықын қорғаў системасын еңгизиў;
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў ҳәмде пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў;
Ҳәкимшилик судларда лаўазымлы шахслардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыў системасын жеделлестириў арқалы суд бақлаўын қоллаў тараўын кеңейтириў;
Судлар системасында «бир айна» принципин кең еңгизиў мақсетинде арзаларды судқа тийислилигине қарамастан қабыл етиў ҳәм ўәкилликли судқа жибериў ҳәмде белгили ис шеңберинде барлық ҳуқықый ақыбетлерди шешиўди тәмийинлеў системасын еңгизиў;
Суд системасын басқышпа-басқыш санластырыў, бюрократик тосықларды сапластырыў арқалы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин түптен асырыў;
«Раўажланыў стратегиясын»да пуқараларымыз ҳәмде исбилерменлердиң ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин кушейтириў бойынша әмелге асырылыўы белгиленген мақсетлердиң орынланыўы инсан мәплериниң нызамлы қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Кайрат Кыпшакбаев
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис
районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы