Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққында

23.11.2022 17:49:47 238 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл  25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарына муўапық аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен мәҳәллелерде халықтың турмыс дәрежесине тиккелей тәсир көрсетиўши ең әҳмийетли мәселелер үйренип шығылып, аймақлар кесиминде 2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарламалар жойбарлары ислеп шығылған.

Усы бағдарламалар жойбары шеңберинде Кегейли районында 2022-2023 жылларда мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша   9 мәҳәлледе 12 илажды әмелге асырыў ушын 6922,0 миллион сўм республика бюджети есабынан қаржы ажыратылған.

Жоқарыдағы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен ислеп шығылған    2022-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлердиң мәнзилли дизимин қарап шығып ҳәм талқылап ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 4-ноябрьдеги 949-санлы қарарлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. 2022-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлер бойынша исленетуғын жумыслар ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл
    4-ноябрьдеги 949-санлы Қарары менен тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлердиң мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде алып барылып атырған жумыслардың барысына жәмийетлик қадағалаў жүргизиў мақсетинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депуталарының қурылыс объектлерине бириктирилиўи 2-қосымшага муўапық тастыйықлансын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Отемуратов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– Бағдарлама шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

– Бағдарлама шеңберинде мәҳәлле ҳәм аўылларда инфраструктура объектлерин қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў жумысларында қаласазлық жумысларын техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерге әмел қылыныўы бойынша қадағалаў жумысларын алып барыў тапсырылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына Бағдарлама шеңберинде мәнзилли дизимге муўапық объектлерде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаў орнатсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) менен биргеликте бағдарламада белгиленген райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша ғалаба хабар қуралларында кең жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (Ж.Төрениязов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.
23.11.2022 17:49:47 239