Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

23.11.2022 17:48:35 146 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл                     25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының
21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

                                            ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
    23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге  асырылып атырған жумыслардың барысы  ҳаққында Кегейли районы ҳәкимлигиниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша бас қанигеси З.Мамбеткаримовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (З.Мамбеткаримов), Социаллық тараўды раўажландырыў, Туризм, физикалық тәрбия ҳәм спорт, инновациялар ҳәм мәлимлеме технологияларын раўажландырыў мәселелери мәжилис баянламасы тапсырмаларының белгиленген мүддетлерде ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша исши топары (М.Досбергенов, Г.Ерниязова, Қ.Бекимбетов, А.Джумабаев, А.Досчанов, С.Хожанов, А.Төремуратов, Б.Матеков, С.Қалханов, А.Адилбаев, Қ.Алланазаров):

-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл                             10-марттағы “Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында”ғы 131-13-0-Q/22-санлы қарары тийкарында Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги                         127-13-184-Q/22-санлы шешими менен ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық сыпатлы орынланыўы бойынша зәрүр илажлар белгилеў;

-ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы мониторинг жүргизиў арқалы  жумысларды шөлкемлестириў;

– район аймағында пуқаралар жыйынлары кесиминде 3-7 жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қамраў дәрежесин кеминде 77,5 % ға асырыў илажларын көриў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде бос жумыс орынлары ҳәм кадрларды тийисли мағлыўматларға ийе ҳәм жетерли билимге ийе, талапшаң кадрлар менен тәмийинлеў;

– мектепке шекемги билимлендириў бөлимлеринде турақлы түрде таза ишимлик суў менен тәмийинлеў;

– районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшыларды оқытыў сапсын арттырыў мақсетинде тәжирийбесин арттырыўы тийис болған оқытыўшыларды саралап алыў, “Үзликсиз кәсиплик тәлим” платформасы арқалы тәжирийбе арттырыў курсларын жолға қойыў арқалы турақлы түрде оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм оқыў курсын өткен оқытыўшыларды тест сынақларынан өткерип барыўды қадағалаў;

– бирлемши медицина системасында халыққа көрсетилетуғын медицина хызметлерин түптен жақсылаў, мүтәж пуқаралардың поликлиникалардағы күндизги емлеўханалар хызмети арқалы шаңарақларынан ажыралмаған ҳалда сыпатлы емлениў имканиятларын жаратыў;

– көшпели медициналық көриклер өткериўди системалы жолға қойыў, әсиресе бул арқалы кем тәмийинленген шаңарақлар ағзалары ҳәм жәрдемге мүтәж узақ жерлерде жасап атырған шараяты төмен пуқараларға айрықша итибар қаратыў;

– жүрек-қан тамыр ҳәм эндокрин кеселликлерин ерте анықлаў, бунда район аймағындағы 40 жастан асқан 17 мыңнан артық халықты скринингтен өткериў шараларын көриў;

– жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жумыссыз ҳәм дарамат дерегине ийе болмаған жасларды тухым ҳәм нәл жетистириў бойынша кәсип өнерге оқытыўды шөлкемлестириў;

– район аймағындағы “Жаслар дәптери”не дизимге алынған жасларды толығы менен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды заманагөй мийнет базары талапларына сәйкес кәсип-өнерлерге оқытыў арқалы жумыс ҳәм дарамат дереги менен тәмийинлеў шараларын көриў;

– -әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине есабат берип барыў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында инвестиция жойбарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов) ҳәм Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына (Ж.Төрениязов) ҳәмде район ҳәкиминиң тараўлар бойынша орынбасарларына жүкленсин.
23.11.2022 17:48:35 147